Гепатит А вируслы кеселлиги (жуқпалы сары аўырыў)

Давранбек Пайзуллаев, СЭТ ҳәм ЖС бөлими, эпидемиология ҳәм иммунопрофилактика бөлими меңгериўшиси
RA-img

  


Халық арасында «сары аўырыў» деп жүритилетуғын вируслы гепатит А кеселлиги баўырдың жарақатланыўы менен кешетуғын жуқпалы кеселлик болып есапланады.

Кеселликтиң белгилери: улыўма ҳәлсизлик, ыссылықтың көтерилиўи, иштейдиң жоғалыўы, қарын бослығында аўырыўдың пайда болыўы, кеўил айныўы, кайтарыў, көздиң силекей қабаты ҳәм териниң сарғайыуы, киши дәрет реңиниң қызарыўы белгилери ушырасады. Соның менен бирге, гепатит А кеселлиги менен наўқасланған балалар физикалық мийнеттен шекленбесе, сондай-ак диетага әмел қылмаса, дәри-дармақларды шыпакер қадағалаўы астында қабыл етпесе – наўқас кеселликтен толығы менен саўалмаўы мумкин. Бул кеселлик өз алдына күтим ҳәм итибар талап етеди.

Кеселликтиң жуғыў жоллары: вирус адам организмине аўыз арқалы қайнатылмаған суў ишиў, дурыс тазаланбаған мийўе-палыз өнимлерин ҳәм азық-аўқатлық  затларды қабыл еткенде, жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылмағанда (қолларын жуўмағанда), хәм де наўқас адам пайдаланған ыдыс-табақлар, сүлги, кийим-кеншек ҳәм ойыншақлардан пайдаланғанда жуғыўы мумкин.

Вируслы гепатит кеселлиги асқыныўлары менен қәўипли болып, кеселлик өз ўақытында анықланбаса, дәри-дармақларды шыпакер көрсетпесисиз орынсыз пайдаланса, өз ўақытында тийисли илажлар көрилмесе – баўыр жетиспеўшилиги яки баўыр циррозы кеселлиги уқсаған аўыр асқыныўларды келтирип шығарыўы менен қәўипли болып есапланады.

Кеселликтиң алдың алыў илажлары;

- балаларды жеке гигиена кағыйдаларына әмел қылыуға уйретиў.

- қолларды сабынлап жуўыўға әдетлениў.

- мийуе-палыз өнимлерин жуўмастан қабылламаў.

- қайнатылмаған суўды ишпеў.

- наўқас пайдаланған ыдыс-табақларды, ойыншақларды хәм басқа да затларды зәрерсизлендириўши препаратлар жәрдеминде жуўып тазалап турыу.

- хәжжетханаларды зәрерсизлендириўши препаратлардан турақлы пайдаланған халда тазалап турыў талап етиледи.

Күнделикли турмысымызда жоқарыда айтып өтилген кағыйдаларға әмел етсек ҳәр биримиз вирусли гепатит А кеселлигиниң ҳәм оның аўыр аскыныўларының алдын алған боламыз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар