Лактостаз – емизиўли ҳаялларда бақланатуғын кеселлик. Бул кеселликтиң қандай раўажланыўын дурыс түсиниў ушын ең дәслеп сүт безлериниң қандай дүзилгени туўралы мағлыўматқа ийе болыў тийис.
Сүт безлери қандай дүзилген?
Сүт безлери орташа 15-20 сүт шығаратуғын бөлекшелерден ибарат орган есапланады. Бул бөлекшелердиң ҳәрбири сүт жоллары арқалы сорғыш пенен байланысқан болады. Бул сүт бөлекшелеринде белгили бир ўақыт сүт жыйналып қалыўы ақыбетинде сүт қойыўланып, оның сорғыш арқалы шығыўы қыйынласады. Бул ҳалаттың узақ ўақыт даўам етиўи көкиректе сүт турып қалыўының (лактостаз) раўажланыўына себеп болады.
Лактостаз раўажланыўының себеплери не?
• Көкиректе сүт жыйналып қалыўының тийкарғы себеплеринен бири бул баланы надурыс емизиў ямаса көкиректи балаға надурыс бериў есапланады. Балаға көкирек бериўде тек сорғышты емес, ал сорғыш әтирапындағы ареоланы (айлана) да аўзына толық салыў керек. Сонда ғана сүт безлери толық тәризде сүтин шығарады.
• Көкиректе сүт турып қалыўына көп жағдайларда баланы ўақтында емизбеў де себеп болады. Емизиўли ана перзентин турақлы тәризде, белгили бир график тийкарында ҳәр 2-3 саатта емизип турыўы мақсетке муўапық.
• Көпшилик жағдайларда лактостаз баланы өз ўақтында емизиўге үлгере алмайтуғын студент аналарда ямаса бир себеп болып, жумысын таслай алмайтуғын ҳаялларда бақланады. Егер баланы емизиўдиң илажы болмаса, имканы барынша ўақыт таўып, көкиректи саўып турыў усыныс етиледи.
• Базы ҳалларда бул кеселликке сорғышлардың жалпақ екенлиги де себеп болыўы мүмкин. Бундай сорғышты бала аўзына алыўға қыйналады ҳәм сүтти жетерли дәрежеде сорый алмайды. Нәтийжеде сүт көкиректе қалып кетеди ҳәм лактостаз ҳалаты пайда болады. Бундай ўақытта да емизиўли ана ўақтыўақты менен қалған сүтти саўып турыўы мақсетке муўапық. Сорғыштың жалпақлығы менен жүкли болмастан алдын ямаса жүклилик ўақтында гүресиў тийис. Бунда механикалық тәризде бармақлар жәрдеминде сорғыш массаж ислениўи ҳәм тартып шығарыўға ҳәрекет етилиўи лазым.
• Лактостаз жағдайын келтирип шығаратуғын себеплерден және бири бул сорғыш терисиниң жарылыўы. Көкирек сорғышлары ҳәдден тыс сезиўшең болып, онда жүдә көп нерв талшықлары жәмленген. Сорғыш терисинде жарық пайда болса, ҳаял адам жүдә күшли аўырыў сезеди. Әсиресе, бала сорғышты аўзына алып емизиўи менен аўырыў жүдә күшейеди. Буның ақыбетинде емизиўли ҳаял баласына көкирегин бериўден қорқып қалады ҳәм емизиў ўақты аралығын созады. Буның ақыбетинде көкирекке сүт жыйналып, турып қалады ҳәм ҳаялда лактостаз раўажланады. Сорғыш териси жарылмаўы ушын ҳәрбир ана баласына көкиректи дурыс тутыўды билиўи керек. Яғный, жоқарыда айтып өтилгениндей, ана баланың аўзына сорғыштың әтирапындағы ареола менен биргеликте салыўы мақсетке муўапық есапланады. Бирақ соған қарамай, ҳаялда сорғыш жарылыўы бақланса, қәнигеге хабарласыўы тийис.
• Сүт безлериниң асқынланыўы лактостаз раўажланыўына алып келетуғын және бир себеп болып табылады. Асқынланыў нәтийжесинде сүт ислеп шығаратуғын сүт бөлекшелери исип кетеди ҳәм сүт жолларын қысып қояды. Ақыбетте, сүт сыртқа шыға алмай, көкирек безинде қалып кетеди. Қандай жол тутыў мүмкин? Егер емизиўли ҳаялда көкирек бези асқынланыўы бақланатуғын болса, дәрҳал қәнигеге хабарласыўы тийис. Кери жағдайда мастит кеселлиги раўажланыўы итималы артады.
Кеселликтиң белгилери қандай?
Көкирек аўырласып, исип кетеди. Онда аўырыў пайда болады. Қол менен сыйпалап көрилгенде, көкирек безиниң бөлекшелери қатты болып қалғанын сезиў мүмкин. Базы жағдайларда териниң қызарыўы ҳәм дене температурасының көтерилиўи пайда болады.
Қалай емленеди?
Лактостазды емлеў ушын, әлбетте, қәнигеге хабарласқан мақул. Қәниге көриктен өткерип болғаннан кейин, ультрадаўыс тексериўи жәрдеминде көкирек тоқымасының жағдайы тексерип көриледи.
Көкиректе түйинлер ямаса ириңли қалта жоқ екенлигине исеним кәмил еткеннен кейин ғана емлеў усылларына өтиў мүмкин.
Лактостаз кеселлигин емлеўдиң биринши шәрти бул көкиректи саўып таслап, оны сүттен босатыў болып табылады. Биринши орында қәнигениң өзи көкиректи саўып, оны сүттен босатып бериўи лазым. Соннан кейин шыпакер ҳаялға көкиректи дурыс саўып таслаў қағыйдалары ҳәм қандай жол тутылса бул жағдай қайталанбаўын түсиндирип бериўи тийис. Егер сондай жол тутылмаса, лактостаз кейинги басқышқа, яғный ириңли мастит кеселлигине өтип кетиўи мүмкин. Соның ушын, көкиректеги ҳәрқандай өзгерислерге итибарлы болыў талап етиледи.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…