Ҳәмме ушын денени тәбийий тазалаў – бул ашлық

А.Жақсымов, Хожели районы СЭТҳЖСБ шыпакери
RA-img

  


Егер де сиз физикалық күшли болыўды, ас сиңириў ҳәм қан айланысы машқалаларының алдын алажақ болсаңыз, онда ҳәр 2-3 ҳәптеден қысқа ашлық пенен емлениўиңиз керек.

 

Тәбийий ашлық

Искерликтиң төменлиги ҳәм муўапықластырылмаған диета клеткаларда зыянлы элементлердиң топланыўына алып келеди. Бул зыянлы элементлер денемизди патаслайды. Егер олар ерип ямаса жуўылып кетпесе көплеген кеселликлерге себеп болады. Ашлық оларға қарсы гүресиўде жәрдем береди. Ол профилактикалық тәсирге ийе, себеби сол арқалы денемиз тосықлардан ҳәм зыянлы, керексиз протеинлерден тазаланады.

Узақ ашлықта тағам қабыл етиў шекленеди. Сиз тек суў ҳәм гиялардан демленген шайлар ишиўиңиз мүмкин. Емлениўдиң тәсири болыўы ушын сиз турақлы тәризде шуғылланыўыңыз лазым ҳәм ҳәр ашлықты кем калориялы диета менен даўам еттириўиңиз тийис.

Тийкарғы қағыйдалар

• Ашлық ушын ең қолай ўақыт бул Шемби ҳәм Екшемби күнлери, себеби бул жумыс күнлери емес.

• Ашлықты физикалық искерлик, стресс дәрежеси ҳәм кулинар нәпсиге берилиўлерден аўлақ ўақытта аңсат өткериўиңиз мүмкин. Соның ушын, мебеллериңизди көширмең, жақынларыңыз бенен жәнжеллеспеўге ҳәрекет етпең ҳәм отырыспақ, туўылған күнлерге барыўдан тыйылып турың.

• Ашлықта шекпең, витамин ҳәм аўырыў қалдыратуғын ямаса тынышландыратуғын дәрилерди қабыл етпең.

• Егер де сиз турақлы дәри қабыл ететуғын болсаңыз, онда шыпакериңизден ашлық мүмкин ямаса мүмкин емеслигин мәсләҳәтлесиң.

 

Ашлық азыўыңызға жәрдем бере ме?

Яқ. Ашлық тек денени зыянлы элементлерден шығарыў ҳәм тазалаў усылы. Бирнеше күнлик диетадан кейин биз бираз азамыз, бирақ және турақлы салмағымызға қайтып келемиз. Еки-үш күнлик ашлық аўқатланыў әдетлеримизди өзгертиўде жақсы басланыў болып табылады. Асқазанымыз киширейип, қанаатланыўымыз ушын азырақ тағам керек болады.

Ҳәтте қысқа ашлықтан кейин биз түрли дәмлерди күшлирек сезиўди баслаймыз, мәселен бир нәрсе ашшы ямаса мазалы болса. Биз азлаў татымлықлар, қант ҳәм дузды ислетиўди баслаймыз, бул өз-өзинен азыўға алып келеди. Бирнеше күнлик ашлықтан кейин биз азлаў аш болыўымыз шыпакерлер тәрепинен дәлилленген. Биз майлы ҳәм аўыр аўқатларды азлаў қабыл етиўди қәлеймиз. Биз мийўе, палыз, йогурт ҳәм шербетлерди қәлеп қаламыз. Соның ушын, ашлық аз калориялы диетаға өтиўде жақсы жол есапланады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар