Физикалық шынығыў — емлеўши күш

Халлыхан Қудайбергенова, Хожели районы СЭТҳЖСБ жоқары категориялы санитария врачы
RA-img

  


Социологиялық изертлеўлер нәтийжесинен белгили, адам 45 жастан кейин дәри-дәрмаққа, емлеўханаға жатыўға кететуғын қаржыларының ҳеш болмағанда 5 процентин егер балалық, өспиримлик, жаслық дәўириндеги физикалық саламатластырыў жумысларына сарыплағанында, 80-85 жасқа дейин кеселликлерге жолықпай турмыс кешириўге шараят таярлаған болады екен. Буннан көринип турыпты, қәўипли кеселликлердиң алдын алыўда әпиўайы дене тәрбия шынығыўлары турақлы орынланып турылыўының әҳмийети үлкен.

Физикалық шынығыўларды арнаўлы спорт-саламатластырыў орайларына бармастан, үй шараятында орынлаў да мүмкин. Ҳәр күни 15-20 минут ҳәўли ямаса көше бойлап әстен жуўырыў, турникте тартылыў, таза ҳаўада пияда сейил етиў ямаса физикалық мийнет пенен шуғылланыў дене ушын пайдалы.

Таңда 20 минут физикалық шынығыўлар орынлап, кейин күн даўамында дем алып жатсаңыз да сиз бир күнлик физикалық белсенди ҳәрекет еткен есапланасыз. Себеби, арнаўлы бағдарланған шынығыўлар денедеги қан айланысына унамлы тәсир етип, органлардың нормал ислеўин тәмийинлейди, сондай-ақ, зат алмасыўын жақсылап, көтериңки кейпиятты оятады.

«Қартайғанда жаслықтағыға қарағанда көбирек ҳәрекет етиў керек», дейди геронтолог алымлар. Өйткени, ғаррылық дәўиринде дене органлары ҳәрекетинде төменлеў басланады, көбирек дем алыў ҳәм тыныш турмыс кешириўге мүтәжлик сезиледи. Бирақ, денеге зыят дем берип органлардың «ериншек» болып қалыўына жол қоймаў керек.

Кем ҳәрекет етиў ақыбетинде жүрек-қан тамыр, нерв, сүйек-буўын кеселликлери тез раўажланады. Сол себепли, кекселердиң жеңил ҳәрекетли шынығыўларды орынлап, күнделикли жумыслар пенен шуғылланып жүриўи зәрүр есапланады. Таңғы физикалық шынығыўларды кекселер отырған ямаса жатқан ҳалатта да қол-аяқлар ҳәрекетлери менен жеңил шынығыўлар орынлаў усыныс етиледи. Бунда ҳәр бир адам өзиниң жеке жағдайына қарап көбирек ямаса азырақ шынығыў орынлаўы мүмкин.

Ҳәр күнги физикалық ҳәрекет ўақты 30 минуттан аспаўы тийис. Кексе жастағыларда болып атырған созылмалы кеселликлер есапқа алынып, шыпакерлер тәрепинен арнаўлы шынығыўлар буйырылады. Узақ жыллық тәжирийбелерге сүйенип айтатуғын болсақ, ҳәрекетшеңлик қартайыўға қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели қуралы есапланады. Адамлар қәўипли кеселлик пенен аўырған ўақытларында, яғный барлық кеселликлердиң өткирлескен ўақтында, денениң әззилеўинде, инсульт ямаса қан басымы көтерилиўиниң аўыр жағдайларында, онкологиялық ямаса жуқпалы кеселликлерде, қантлы диабеттиң аўыр түрлеринде, жүрек-қан тамыр ҳәм дем жетиспеўшилигинде аўыр физикалық шынығыўлар орынлаў усыныс етилмейди.

Кеселликлерди емлеў басқышлары өткерилгеннен кейин шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда шынығыўлар орынлаў мүмкин. Айырым сүйек-буўын кеселликлериниң өткир ҳалатларында да шыпакер емлеў ушын процесинде арнаўлы шынығыўлар буйырады. Физикалық белсенди адамларға кеселликлер жақынласпайды, себеби оның иммун системасы беккем болып, кеселликти денеге өткермейди. Демек, физикалық шынығыў ҳәрқандай жастағы адамлар ушын күнделикли зәрүрликке айланыўы лазым.

Умытпаң, таңғы физикалық шынығыўлар себепли:

• Бас мий орайларының тормозланған жағдайы тоқтайды ҳәм олардың қозғалыўшаңлығы нормаға келеди;

• Адамның физикалық жумысқа да, ақылый жумысқа да кирисип кетиўи әдеўир аңсатласады;

• Өкпениң терең бөлимлери жетерлише ҳаўаға тойынады;

• Түнги уйқыдан қалған ләңлик жоғалады;

• Дене тетиклеседи;

• Кейпият көтериледи;

• Организм кейинги аўырлаў шынығыўларға таярланады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар