Саламат қанға нелер керек?

RA-img

  


Тамырларымызда ағып атырған қан плазма ҳәм клеткалардан қуралған. Бунда плазманың қандағы муғдары 55 пайыз, қан клеткалары болса 45 пайызды қурайды.

Плазманы аўыспалы мәниде дәрьяға уқсатыў мүмкин. Ол ишки органларға керек болған элементлерди жеткерип береди. Плазманың 90 пайызы суў, 8 пайызы белок, қалған 2 пайызы минерал ҳәм витаминлерден ибарат.

Қанның екинши бөлеги қан клеткаларынан қуралған. Қанды армияға теңейтуғын болсақ, қан клеткалары оның офицерлери есапланады. Олар да, өз гезегинде, үш топарға бөлинеди:

1. Эритроцит.

2. Лейкоцит.

3. Тромбоцит.

Эритроцитлер – муғдар жағынан қандағы басқа клеткаларға қарағанда көбирек пайызды қурайды. Кийими де өзине жарасқан, тоқ қызыл реңде. Оларды гемоглобин элементи усы реңге «бояп» қояды. Гемоглобин темир ҳәм белок элементинен пайда болып, өкпеде жыйналған кислородты барлық органларға тарқатады.

Қан клеткаларының екинши топары реңсиз болып, лейкоцитлер деп аталады. Оларды қанның ақ денешелери деп атаў соннан келип шыққан. Себеби «лейко» сөзи грек тилинде «ақ» деген мәнини аңлатады. Лейкоцитлердиң тийкарғы ўазыйпасы организмди «душпанлар»дан қорғаў есапланады.

Үшинши топар клеткалар тромбоцитлер деп аталады. Саў-саламат жүриўимиз ушын олар да тынымсыз мийнет етеди. Тиккелей усы клеткалар қанның уйыў процесине жуўапкер. Солар бар екен, денеге зақым жеткериўден қорықпасақ та болады. Өйткени бир жеримиз урылса ямаса кесилсе, тромбоцитлер дәрҳал усы жерге топланады. Қашан жарақатланған жер питемен дегенше, сол жерде тромб (қанның уйып қалыўы) сақланып турады.

 

Қызыл суйықлық ушын

Денемиздеги қан саламат болыўы ушын нелер қылыўымыз керек? Буның ушын, биринши гезекте, дурыс аўқатланыў қағыйдасына әмел етиў, витаминлерге бай өнимлерди көбирек жеў лазым.

А витамини болса қан тамырлар эпителий қабатына унамлы тәсир етип, қан тамырларды беккемлейди. Бул витамин сүт, гешир ҳәм ерик мийўесинде мол болады.

В топары витаминлери қан айланыў системасында қатнасатуғын тийкарғы витаминлер есапланып, қан тамырлар дийўалын иштен беккемлеп барады. Бул витаминди собылықлы өсимликлерден табасыз.

С витамини қан тамырлардың улыўмалық жағдайы ҳәм қан айланысы нормада өтиўи ушын оғада зәрүр витамин есапланады. Цитрус мийўелер, помидор ҳәм көк шөплер бул витаминге жүдә бай.

Е витамини зыянлы холестерин менен гүресиўде бийминнет көмекши болып табылады. Горох, өсимлик майы, ғоза қан тамырлардың тромб пайда болыўына қарсы қәсийетин асырады.

К витамини капилляр қан тамырлар саламатлығы ушын оғада әҳмийетли. Капуста ҳәм жасыл жапырақлы палыз өнимлери К витаминине бай.

РР витамини болса күшли тәсирге ийе болып, қан тамырлардың саламат болыўында әҳмийетли рол ойнайды. Бундай витаминге бай өнимлерди турақлы қабыл еткенде, қан тамырлардың улыўмалық аўҳалы жақсыланып барады. Қызыл ләблеби, гречиха жармасы, ананас усы витаминлерге жүдә тойынған.

Буннан тысқары, төмендегилерге де әмел етсеңиз, қаныңыз сизден жүдә миннетдар болады.

• Шайҳалқас (завтрак) ҳаққында умытпаң.

• Бир спорт түри менен шуғылланың.

• Артықша салмақтан қутылыўға ҳәрекет етиң.

• Стрессти азайтың.

• Темеки шекпең.

• Спиртли ишимликлер ишпең.

• Кешки аўқаттан кейин тез жатып қалмаң.

 

Ҳеш болмағанда ярым саат ҳәрекетте болың. Шайды аўқат пенен бирге ишпең. Себеби шайдағы танин элементи аўқат қурамындағы темирди бөлеклеп, оның қанға сиңиўине жол қоймайды. Шайды аўқат қабыл етилиўинен ярым саат өткеннен кейин, биймәлел ишсеңиз болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар