ДӘРИЛЕР ҲӘМ АЎҚАТЛАРДЫҢ ТУЎРА КЕЛМЕЎЛЕРИ

RA-img

  


АНТИБИОТИКЛЕР — ең «даўкес» ҳәм «жәнжелпаз» препаратлардан есапланады. Менюден сүтти ҳәм сүт өнимлерин шығарып таслаў керек, өйткени олар антибиотиклердиң тәсирин биротала дерлик жоққа шығарады. Сондай-ақ, алкогольден де бас тартыў лазым. Көбирек мийўелер, палызлар ҳәм көкликлер жеңлер. Ўақтынша ашқылтым аўқатлардан (газленген суйықлықлар, шербетлер, сондай-ақ уксус қолланылған ҳәрқандай тағамнан) аўлақ болың.

 

АНТИДЕПРЕССАНТЛАР. Бул препаратлардың қурамында моноаминоксидазлардың ингибиторлары бар. Соның ушын да оларды узақ сақланған, көп турылған сырлар (сапасы зор болыўы ушын), ашытылған капуста, соялы соус, мал гөши ҳәм таўықтың баўыры, қақланған балық ҳәм гөш, йогурт, әнжир, мейиз ҳәм сметана менен бирге пайдаланбаў керек. Бул айтылған өнимлерде тирамин бар ҳәм егер де ол моноаминоксидазаның ингибиторлары менен биригип кетсе, артериаллық басымды кескин көтерип жибериўге қәбилетли.

Есиңизде болсын! Антидепрессантларды қабыллағанда алкогольден, әсиресе қызыл шараптан бас тартыў керек.

 

АНТИКОАГУЛЯНТЛАРды (олар қанды суйылтады) клюква шербети, морс ҳәм клюкваның өзи менен бирге қабылламаў керек. Бундай етсек, ишки қан кетиў жүз бериўи мүмкин.

 

АСПИРИН. Оны ишкенде қурамында азғана муғдарда белогы, майы ҳәм углеводлары бар тағамларды жеңлер. Болмаса, бул дәриниң тәсир күши еки есе төменлейди. Цитруслық шербетлерден қашық жүриңлер, өйткени аспиринлер менен бирге олар асқазанның силекей қатламын қатты қымыршытады.

Есиңизде болсын! Ҳешқашан да аспиринди сүт пенен бирге қабылламаң. Адамлар арасында «сүт асқазанның силекей қабатын қорғайды» деген пикир орнаған. Усыған тийкарланып, оны қоллансақ, қәтеге жол қойған боламыз: өйткени, сүт аспиринди пүткиллей нейтраллайды, препарат сирә «жумыс ислемей қалады».

 

АЎЫРЫЎДЫ ҚАЛДЫРАТУҒЫН ПРЕПАРАТЛАРды (пирамидон, амидопирин ҳәм т.б.) ысланып-қақланған өнимлер менен бирге қолланыўға болмайды, өйткени олар бул дәрилердиң пайдалы тәсирлерин жоққа шығарады.

 

ГОРМОНАЛЬ ПРЕПАРАТЛАР. Олар организмдеги зат алмасыўға тәсир көрсетеди. Сол себепли, асқыныўларды болдырмаў ушын иримшик ҳәм басқа да сүт өнимлерин, қақ ерик, балық, мейиз, жемис ҳәм палаўқабақты жеў керек. Бул өнимлерде белоклар, калий дузлары ҳәм витаминлер көп болады.

 

ҚУРАМЫНДА ТЕМИРИ БАР ДӘРИЛИК ПРЕПАРАТЛАР. Оларды тутына отырып, кофе, шай, қамырлы ҳәм қантлы, сүтли өнимлерден ҳәм ғозалардан бас тартыңлар. Бул өнимлердиң барлығы да организмниң темирди өзлестириўин қыйынластырады.

 

КЛОФЕЛИНди (артериаллық басымды төмен түсиреди) алкоголь менен бирге ишпеў керек. Алкогольлик ишимликлер препараттың тәсирин нейтраллайды ҳәм басымды кескин көтерип жибереди.

Есиңизде болсын! Клофелинди алкоголь менен бирге ишкен адам есинен танып қалады — булар ҳаққында сен криминаллық хроникалардан, кинофильмлерден көрген болсаң керек.

 

КИШИ ДӘРЕТ АЙДАЎШЫ ПРЕПАРАТЛАР. Олар калийди организмнен айдап шығарады. Калийдиң орнын толтырыў ушын жасыл буршақ, қозықулақ (щавель), шпинат, қақ ерик, қызылша, ири баслы пияз, картошка, алма ҳәм гешир жеў керек.

Есиңизде болсын! Киши дәрет айдаўшы препаратларды боян тамыр менен бирге ишпеў керек. Боян тамырдың экстрактында қақыртыўшы микстуралар бар, тамырының қайнатпасын иш жүритиўши ҳәм сидик айдаўшы ретинде қолланады. Боян тамырдағы элементлер организмде глюкокортикоидлардың ҳәм минералкортикоидлардың инактивациясын блоклайды. Сондай-ақ, сидик айдаўшы дәрилер менен байланыса отырып, боян тамыр организмнен суйықлықты (организмниң суўсызланыўына себеп болады), калийди (булшық етлер бузылады) күшли дәрежеде сыртқа айдайды.

 

РЕВМАТОИДЛЫҚҚА ҚАРСЫ ПРЕПАРАТЛАР. Бул дәрилер асқазан-ишек жолының силекей қабатына жүдә агрессив тәризде тәсир етеди. Оларды қабыллаған пайытлары қатаң диетаға әмел қылың.

 

СТАТИНЛЕРди (олар қандағы холестеринниң муғдарын азайтады) цитруслар менен бирге ишиўге болмайды. Цитруслық мийўелер статинлерди буза алатуғын баўырдың ферментлерин блоклап таслайды. Буның нәтийжесинде организмде статинлер көп топлана баслайды ҳәм баўырдың искерлигин үзилиске түсиреди, булшық етлерди бузады.

 

СУЛЬФАНИЛАМИДЛЕР — микробларға ҳәм бактерияларға қарсы препаратлар болып, оларды қабыл еткенде суйықлықларды, әсиресе силтили ямаса минераллы суўларды ишиңлер. Препаратларды ишкенде организмниң сидик шығарыў қәбилети қыйынласады, сидик жоллары ҳәм бүйрек каналшалары еримейтуғын кристаллар менен тығылады. Бундай жағдай әсиресе ашқылтым сидик орталығында актив түрде жүз береди. Соның ушын да организмиңизди әдеттегиге қарағанда көбирек суў менен тәмийинлеңиз. Майлар ҳәм ширели затлар сульфаниламидлик препаратлардың тәсирин азайтады, өйткени олар ас сиңириўди иркеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар