Бизге белгили, дәри препаратлары тәсир етиў қәсийетине қарап түрли ўақытларда ишиледи. Бул ҳаққында қолланбасында анық көрсетпе бериледи. Мәселен: Аўқатланып атырғанда ас сиңириў процесин жақсылайтуғын препаратлар (фестал, энзистал, пепсин)ды қабыл етиў мүмкин;
Аўқатланып болғаннан кейин, ярым сааттан кейин ғана бас аўырыўына қарсы аўырыў қалдыратуғын, сидик шығаратуғын, ыссылықты түсиретуғын, жүрек искерлиги ушын гликозидлер, аязлаў ҳәм асқынланыўға қарсы ҳәм антибактериал тәсирге ийе дәрилер ишиледи;
Аўқаттан алдын ишилетуғын түрлери белгиленген саатына қарап:
Аўқатланыўдан 1 саат алдын – пробиотиклер (линекс, хилак-форте); ярым саат алдын – антацид топарына тән препаратлар, асқазан ҳәм он еки бармақ ишек жарасына ишилетуғын дәрилер;
Аўқатланыўдан 30-40 минут алдын – диареяға қарсы препаратлар, кальций, тетрациклин топарына байланыслы дәри қуралларын қабыл етиў мүмкин.
Ашшы ҳәм тил астына таслап ишилетуғын дәрилерди
болса аш қарынға ишиўге болмайды
Егер дәри препараты қолланбасында қабыл етиў ўақты көрсетилмеген болса, оны күнниң қәлеген ўақтында ишиўиңиз мүмкин. Ең мақулы, аўқаттан 30-40 минут алдын қабыл етиў есапланады.
Азанда, түсте ҳәм кешқурын...
Қолланбада препарат үш мәҳәл ишилиўи кереклиги жазылған болса, ҳәрбир қабыл етиў ўақтының аралығы сегиз сааттан аз болмаўы нәзерде тутылады. Егер бирнеше түрдеги дәрини бир ўақытта ишиў зәрүрлиги туўылса, аралық ўақыт 15 минуттан аз болмаўы тийис.
Уйқыдан алдын
Тынышландыратуғын қәсийетке ийе дәри препаратлары ҳәм тамшылары, тамақ аўырыўларының аллергиялық түрлеринде жөтел қозғалыўына қарсы ҳәм астма жағдайларында, асқазан ҳәм он еки бармақлы ишек жараларында аш қарынға болатуғын аўырыў клеткаларының алдын алыўда уйқылаўдан 15-20 минут алдын керекли дәри препаратын қабыл етиў мүмкин.
Сондай-ақ, геморройды емлеўде қолланылатуғын свечалар да түнги ўақытқа усыныс етиледи.
Мүмкин емес!
Қақырықты шығаратуғын ҳәм қуўатты асыратуғын дәрилерди уйқыдан алдын ишиў қадаған етиледи. Бул түрдеги препаратларды илажы барынша күнниң биринши ярымында қабыл еткен мақул.
Иш жүргизетуғын дәрилер ше?
Бул түрдеги дәрилер қабыл етилгенинен кейин 6-8 сааттан кейин наўқасқа тәсир етеди. Ишип атырғанда сол тәрепин есапқа алың. Болмаса, түнги тынышсызлықлар ҳәм мазалаўлар болыўы мүмкин.
Ўақтын умытқан болсаңыз...
1-2 саатқа кешиксеңиз, зыяны жоқ. Дәрини әдеттегидей ишиўиңиз мүмкин. Егер қабыл етиў ўақты 2-3 сааттан өтип кеткен болса, белгиленген ўақытқа дейин ишпей турың. Айырымлар «күндиз ишиў ядымнан шығыпты», деп кешки ўақытта бир жола еки есе етип дәрини қабыл етеди. Бул надурыс! Өйткени көбейтилген муғдардағы препараттың организмге унамсыз тәсири болыўы мүмкин.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…