БИОЛОГИЯЛЫҚ ЖАСЫҢЫЗ НЕШЕДЕ?

RA-img

Инсанның жасы неше жыл жасағаны менен емес, ал оның биологиялық жасы менен өлшенеди. Илимпазлардың атап өтиўинше, ишки биологиялық жасы қаншелли кишкене болса, адам соншелли жас көринеди ҳәм қоршаған орталықтағы өзгерислерге де аңсат бейимлеседи.


Бир қанша изертлеўлерде адамның паспортындағы көрсетилген жасы менен биологиялық жасы көпшилик жағдайларда бир-бирине сәйкес келмейтуғынлығы дәлилленген.

Психологиялық тәрептен алып қарағанда, адам паспортындағы жасынан киши ямаса керисинше, үлкен болыўы мүмкин. Бул сизиң өзиңизди қандай сезиниўиңиз ҳәм қандай турмыс тәризине әмел етиўиңиз бенен белгиленеди. Сондай адамлар да бар, биологиялық жасы 40 та, тийкарғы жасы сексенде, ямаса керисинше.

Усы жерде «Қалайынша биологиялық жасты анықлаўға болады?» деген сораў туўылады. Көплеген медициналық дәреклерде оны анықлаў ушын тест сораўнамасын өткериў усыныс етилген.

 

Бул тест төмендеги сораўлардан ибарат:

1. Билегиңизди услап, жүрегиңиздиң соғысын санап көриң. Соңынан, 30 мәрте тез-тез отырып-турың. Буннан кейин және пульсти санаң. Егер олардың арасындағы айырмашылық:

– 10 ға шекем көбейген болса – 20 жастасыз;

– 10-20 ға шекем көбейген болса – 30 жастасыз;

– 20-30 ға шекем көбейген болса – 40 жастасыз;

– 30-40 қа шекем көбейген болса – 50 жастасыз;

– 40 тан да көп болса – 60 жас ямаса оннан да үлкенсиз.

2. Бес секунд даўамында өзиңизди шымшып турың. Нәтийжени анық билиў ушын секундомерден пайдаланың ҳәм шымшылағанда тоқтатқаннан кейин неше секундтың ишинде териңиздиң ағарған жери және өз ҳалатына келиўин тексериң. Егер териңиз:

– 5 секундтың ишинде өз ҳалатына келсе – 30 жастасыз;

– 8 секундтың ишинде өз ҳалатына келсе – 40 жастасыз;

– 10 секундтың ишинде өз ҳалатына келсе – 50 жастасыз;

– 15 секундтың ишинде өз ҳалатына келсе – 60 жастасыз.

3. Тик турған ҳалда аяқларыңызды дизеден бүкпей алдыға қарай ийилиң. Усы ҳалатта қолларыңыздың алақанын полға тийгизиўге ҳәрекет етиң.

– егер алақаныңыз полға толық тийсе – 20-30 жастасыз;

– тек ғана бармақларыңыз тийсе – 40 жастасыз;

– қолыңыз тобығыңызға шекем жетсе – 50 жастасыз;

– дизеңизден төменге түспесе – 60 жастасыз.

4. Бул ўақытта бизге бир жәрдемши керек болады. Ол 50 см.лик линейканы вертикал ҳалатта услап турады. Оның «0» көрсеткиши төменге қараған болады. Сиз қолыңызды линейкадан 10 см төменде тутып турасыз. Жәрдемшиңиз линейканы төменге қарай таслайды ҳәм сиз оны көрсеткиш және бас бармағыңыз бенен услап алыўыңыз керек болады. Линейканың:

– 25-30 см деген жеринде услап алсаңыз – 30 жастасыз; 

– 35 см де усласаңыз – 40 жастасыз;

– 45 см де усласаңыз– 60 жастасыз.

5. Еки қолыңызды (биреўин жоқарыдан, екиншисин төменнен) арқаңызға бирлестириң. Бул шынығыўды орынлағанда:

– қолларыңыз аңсат ғана бир-бирине жетсе – 20 жастасыз;

– тек ғана бармақларыңыз бир-бирине тийсе – 30 жастасыз;

– қолларыңыз бир-бирине жетпесе – 40 жастасыз.

6. Көзиңизди қаттыға жумып, гезекпе-гезек шеп ҳәм оң аяқта турың. Қолларыңызды еки тәрепке созып, теңсалмақлылықты сақлаўыңызға да болады, бирақ ҳеш нәрсени усламаң. Усы ҳалатта көбирек турыўға ҳәрекет етиң. Жақынларыңыздан бири сизиң неше секунд турғаныңызды бақлап барсын.

– 30 секунд ҳәм оннан көп турсаңыз – 20 жастасыз;

– 20 секунд турсаңыз – 40 жастасыз;

– 15 секунд турсаңыз – 50 жастасыз;

– 10 секундтан аз турсаңыз – 60 жастасыз.

 

Егер келип шыққан нәтийжелерден кеўлиңиз толмаған болса, өз денсаўлығыңызға итибар қаратыўды баслаң. Бунда ҳеш болмағанда жумысты азанғы дене тәрбиясынан баслаўыңызға болады. Бир қанша ўақыт өткеннен соң тест шынығыўларын қайтадан орынлап көресиз. Сонда сизиң биологиялық жасыңыз физикалық жасыңыздан әдеўир жасарғанын билип аласыз. Яғный, қатарласларыңыздан жасара баслайсыз. Буның ушын сизге төмендеги мәсләҳәтлер пайда береди:

– Суў көбирек ишиң. Ол организмге күш-қуўат бағышлайды ҳәм оның жасартыў қәсийети де бар.  

– Спорт пенен шуғалланың. Күнине 30 минут дене тәрбиясы шынығыўлары менен шуғылланыў күн даўамында өзиңизди жеңил сезип жүриўиңизге тийкар жаратады ҳәм териниң қартайыўына тосқынлық етеди.

– Көбирек күлиң. Күлки қандағы стресс гормонларын жоғалтады.

– Муҳаббат – стресске қарсы ең жақсы қурал. Сиз жақсы көрген ҳәм сизди жақсы көретуғын адамлар қаншелли көп болса, қаныңызда бәрқулла қуўаныш гормонлары үстемлик етеди.

– Машқалаларыңыз ҳаққында азырақ ойлаң. Сиз оларды қаншелли көп ойласаңыз, қутылыўыңыз да соншелли қыйын кешеди.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар