Салқын ишимликлерди қабыллаўда итибарлы болың!

Мавлюда Бекенова, Хожели районы СЭТҳЖСБ эпидемиолог шыпакери
RA-img

  


Жаздың ыссы күнлеринде адам организми терлеў арқалы дене температурасын турақлы сақлаўға ҳәрекет етеди. Бул терлеў процесинде организмнен артықша суў ажыралып шығып, организм суўсызланып, шөллеў сезими пайда болады. Алымлар тәрепинен организмдеги суўдың 1% ти жоғалғанда адамда шөллеў сезими пайда болып, 5% ти жоғалғанда адам аўыр кома жағдайына түсип қалатуғынлығы анықланған. Ең баслысы суў затлар алмасыўындағы ең әҳмийетли орында турып, суў арқалы организмде барлық химиялық реакциялар жүрип отырады.

Сол себепли адам организми суў-электролит тең салмақлығын сақлаў, зат алмасыў процесин қоллап-қуўатлаў ҳәм де дене температурасын оптимал дәрежеде сақлаў ушын суўға талапшаң болып келеди. Бирақ қабыллап атырған суўларымыздың қаншелли сапалы ҳәм қәўипсиз болыўы туўрыдантуўры саламатлығымызға тәсир етеди. Хош, ҳәзирги жаздың ыссы  күнлеринде дийхан базарлары, көше бойлары, балалар дем алыў парклери, халық көп топланатуғын орынларда сатылып турған салқын ишимликлер болған газли суў, морс, квас, айран, мийўе шербетлери ҳ.т.б ларды қабыллаў саламатлығымызға қаншелли қәўип туўдырады?

Ыссы күнлери барлығымызға сыр емес, шөллегенимизде дус келген салқын ишимликлер сатыў  орынларынан өз мүтәжлигимизди қанаатландырамыз. Бирақ қабыллап атырған өнимимиздиң қаншелли сапалы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында бираз болса да ойлап көрмеймиз.

Салқын ишимликлерди ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ҳәм тарқатыў процесслеринде санитариягигиена қағыйдаларына, технологиялық избе-изликке әмел етилмегенде, сатыўшы хызметкерлердиң мәжбүрий медициналық көриктен өтпестен саўда хызметин көрсеткенде өним арқалы өткир асқазанишек кеселликлер, жуқпалы кеселликлер қозғатыўшыларын тарқалыў қәўипи пайда болады. Әсиресе жаздың ыссы күнлери әпиўайы жеке гигиена қағыйдаларын сақламайтуғын сатыўшы патас қоллары арқалы өткир асқазан-ишек кеселликлери қозғатыўшысы болған патоген (кеселлик қозғатыўшы) ишек таяқшаларын тарқатып отырыўы мүмкин. Яки пайдаланылған стакан тийисли тәртипте жуўылмаўы ақыбетинде өткир асқазан-ишек кеселликлери, жуқпалы кеселликлер қозғатыўшыларын жуқтырып алыў қәўипи пайда болады.

Сол себепли салқын ишимликлерден өткир асқазан-ишек кеселликлерине шатылмаслық ушын төмендеги көрсетпелерди ядта тутыўды сорайды:

көше бойларында ҳәм басқа да белгиленбеген орынларда сатылып атырған шөлбасыўшы, салқын ишимликлерди сатып алмаң ҳәм қабылламаң;

қуяш нуры тик түсетуғын шараятта сақланған, полиэтилен ыдысларда бастырылған салқын ишимликлер, қәўипсизлиги кепилленбеген, жеке пуқаралар тәрепинен белгисиз шараятларда таярланып стандарт талапларына жуўап бермейтуғын ыдысларға салынған түрли ишимликлерди (ерик шербети, айран, гөже, морс, квас ҳ.т.б) қабыллаўдан сақланың;

салқын ишимликлерди сатыў ушын турақлы орын ажыратылған, сапасы ҳәм қәўипсизлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлери бар болған, стандарт ыдысларда, тек ғана бир мәртелик ыдыслар арқалы сатылып турған орынлардан сатып алың;

Сизде яки жақынларыңызда өткир асқазан-ишек кеселлиги сыяқлы белгилер (иш аўырыў, кеўил айныў, қайтарыў, иш өтиў ҳ.т.б) ушырасса, дәрҳал жақын турған емлеў-профилактика мекемелери яки тез жәрдем хызметине жолығың.

Сизиң саламатлығыңыз ең әўеле өзиңиз ҳәм жақынларыңыз ушын қәдири ҳәмме нәрседен жоқары!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар