Жалаң аяқ басылған ҳәр бир минут ӨМИРГЕ ӨМИР ҚОСАДЫ!

Примбетова Салтанат Жалғасбаевна, 1-санлы Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы Жәмийетлик Саламатлық техникумының жоқары категориялы тери ҳәм венерик кеселликлери пәни оқытыўшысы
RA-img

   


Базыда аяқ кийимди шешип, шөп, қум яки майда таслар үстинен жалаң аяқ жүргиңиз келеди. Сизде де усындай қәлеў пайда болған ба? Егер жалаң аяқ жүриўдиң имканы болса ҳәм бул пайдалы болса, неге оны ислемеў керек? Керисинше, өзиңизге сондай ләззетти инам етиң.

 

Пүткил дене ушын массаж!

Аяқтың астында турақлы дене органлары менен байланысқан биологиялық актив ноқатлар жайласқан. Оларға тәсир көрсетиў арқалы пүткил организмниң искерлигин жақсылаў мүмкин. Соның ушын жалаң аяқ жүриў организм ушын пайдалы болған өзине тән массаж болып хызмет етеди. Өйткени бунда қан айланыўы, тери ҳәм қан-тамырлар ҳалаты (сондай-ақ, бас мий тамырлары да) жақсыланады.

Аяқлардың шаршағын жазыў ушын да пайдалы. Себеби аяқ кийимсиз жүриў аяқтың барлық сүйеклери, булшық етлери, қан тамырларын (ҳәтте ең кишисин де) ҳәрекетке келтиреди. Аяқ кийимниң ишинде болса керисинше, ҳәрекетсиз қалады. Мине усының ушын да ўақты-ўақты менен аяқ кийим менен хошласыў жүдә пайдалы.

 

Жер энергия менен байытады

Шығыс медицинасына көре, денени энергия менен қуўатландырыў ҳәм саламатлықты жақсылаўда жерде жалаң аяқ жүриў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул ҳалатта инсан жерге өзиндеги барлық унамсыз сезимлерди береди. Жер болса керисинше, адам организмин пайдалы энергия менен қуўатландырады.

Алымлар бул «кәраматтың» да түсиндирмесин табыўға үлгерди. Олардың пикиринше, заманагөй инсан өз денесине электр токи менен байланыслы барлық зыянды жыйнап алады. Күн даўамында мобил телефоннан тынымсыз пайдаланады, телевизор көреди ҳәм тағы басқалар. Жерди жалаң аяқ жүриў болса бул зыяннан қутылыўға жәрдем береди. Бул өзара тәсир жердиң магнит майданы менен байланыслы. Арнаўлы өлшеў әспаблары менен өткерилген тәжирийбеге көре, жер менен 40 минутлық «байланыс»тан кейин инсан денеси пайдалы энергия менен байыйды. Соның ушын ыссы күнде бағда яки тамарқада ислегенде аяқ кийим менен «хошласып» турыў усыныс етиледи.

 

Суў менен байланысқа кирисемиз

Ҳәммемизге белгили, суў инсанды тынышландырады, зорығыўдан қутқарады. Суў менен байланыслы емлеў усыллары организмди беккемлейди ҳәм көплеген дәри-дәрманлардың орнын баса алады. Инсан суўда жалаң аяқ турса, ишеги ҳәм өкпеси жақсы ислей баслайды. Бул ҳәттеки бас аўырыўы ҳәм жел жыйналыўынан қутқарыўы да мүмкин.

Бундай емлеўши емлеў усылларын үйде орынласа да болады. Буның ушын ваннаға тобыққа дейин муздай суў толтырылады ҳәм бул суўда жүриледи.

Емлеў усылы күнине 1 минуттан әсте-ақырын үзайтып барылады. Суў ваннасынан соң аяқларыңызды ысытың ҳәм сүлгиге жақсылап сыпырып, қурғатың.

Емлеў усыллары даўамында ваннадағы суў әсте-ақырын жоқарыға көтерип барылады. Алдын тобыққа дейин, кейин балтыр ҳәм дизеге дейин суў толтырылады.

 

Шөптиң үстинде жүремиз

Ата-бабаларымыз шықтың емлеўши қәсийетлерине исенген. Шық қаплаға шөплер бойлап жүриў тек шынықтырып қоймай, ал қәўипли кеселликлерди де емлеўге жәрдем береди. Шық денени өмирлик күш пенен толтырады, организмди азықландырады ҳәм жаслықты қайтарады. Шықлы шөплерде сейил етип болғаннан кейин, аяқларды сыпырыўдың кереги жоқ.

Пикиримиз дәлили сыпатында әййемги дәўирлерде Тибет руўханыйлери ҳәрбир күнди 108 қәдем жалаң аяқ жүриў шынығыўы менен баслағаны ҳаққындағы мағлыўматларды келтирип өтиўди орынлы деп таптық. Әййемги қолжазбаларда жазылыўынша, грек философы Сократ жалаң аяқ жүриў тек организмниң шынығыўына емес, ал унамлы ой-қыяллардың күшейиўине де жәрдем береди, деп есаплаған.

Жалаң аяқ жүриўдиң саламатлыққа пайдасы ҳаққындағы илимий жуўмақлар XIX әсирдиң ақырларында келип ғалаба түс алған. Тийкарынан, немис алымы Себастьян Кнейп түрли кеселликлерди топырақта, суўда ҳәм шөпте жалаң аяқ жүриў арқалы емлеў бойынша бирнеше мақалаларды жазған. Әййемги Мысыр ҳәм Рим тәўиплери болса аяқ кийимди тек 18 жастан кейин кийиўди усыныс еткенлигине қалай қарайсыз? Оларда «Жүрегиң аўырды ма, аяқларды емле», деген пикир бар болып, барлық кеселликлер тийкары аяқлардан басланады, деп есаплаған. Ҳәттеки әпиўайы аязлаў да ең алды менен аяқты суўық урыўынан басланады, деген пикирде болған.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар