Соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында АИВ кеселлигиниң жынысый жол менен жуғыўы артып бармақта. Атап айтқанда, 2025-жылдың 6 айында АИВ инфекциясы менен дизимге алынғанлардың 88,4 пайызы кеселликти жынысый жол менен жуқтырған, 2024-жылы бул көрсеткиш - 86,2 пайызды қураған.
Содай-ақ, АИВ инфекциясы жуғыў қәўпи жоқары болған топарлар, әсиресе мийнет мигрантлары арасында да бул кеселликтиң жынысый жол менен жуғыўы артып бармақта.
2024-жылдың 6 айда 23 049 мигрантлардан 53,5 пайызы АИВға тексерилип, олардың арасында 39 (0,3%) адамда АИВ анықланған болса, ал 2025-жылдың усы дәўиринде 16 975 мигрантлар дизимге алынып, соннан 54,9 пайызы АИВ инфекциясына тексерилди ҳәм олар арасында 49 (0,5%) адамда АИВ анықланды. АИВ жуқтырған мийнет мигрантларының 2024-жылы 89,7 пайызы, ал 2025-жылы болса 93,8 пайызы инфекцияны жынысый жол менен жуқтырғанлығы анықланды.
ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайының медицина хызметкерлери тәрепинен АИВ инфекциясының тарқалыўының алдын алыў мақсетинде халықтың түрли қатламлары, әсиресе АИВ/АИЖС жуғыў қәўпи жоқары болған топарлар арасынды 2025-жылдың 6 айы даўамында 1197 лекциялар, 14 семинарлар, 59 сораў-жуўап кешелери ҳәмде 4233 сәўбетлесиўлер өткерилди, ғалаба хабар қуралларында 27 мақалалар баспадан шығарылды, 14 телекөрсетиўлер, 170 радиоеситтириўлер шөлкемлестирилди. Өткерилген илаж қатнасыўшыларына 15585 дана буклетлер, 2000 дана листовкалар тарқатылды, объектлерге 363 плакатлар илдирип қойылды.
Буннан тысқары АИВ инфекциясы ҳаққында халықтың хабардарлықларын жәнеде асырыў мақсетинде, Өзбекистан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының тапсырмасы менен ҳәр айдың биринши сәнеси “АИЖСке қарсы гүресиў күни” сыпатында белгиленип барылмақта, хәмде өткерилген илажларда усы жылдың 6 айында халықтың көп жыйналған орынларында; ири саўда комплекслеринде, дийхан базарларында, темир жол вокзалында, автовокзалларда, мәхәллелерде, мешитлериде, жоқары оқыў орынларында, тәлим мәкемелеринде ҳәмде басқа да объектлерде профилактик илажлар өткерилип барылмақта. Өткерилген илажлар даўамында 236 лекциялар, 24 сораў-жўўап кешелери, 665 сәўбетлесиўлер өткерилди. Өткерилген илажларларда 3615 дана буклетлер, 1600 дана листовкалар тарқатылды. Дийхан базарлары, саўда комплекслеринде, Нөкис Мега, Корзинка саўда комплекслери, Нөкис темир жол вокзалы, автовокзаллардың мәхәллий радиоузеллари арқалы 63 мәрте радиодан шығыўлар шөлкемлестирилди.
Халықтың АИВ/АИЖС кеселлиги бойынша билимлерин және де асырыў ҳәмде бул кеселлик ҳаққында мағлыўматлар бериў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының социал тармақларында көргизбели-хабар материаллары жайластырылып барылмақта.
Социал тармақларымызға ағза болың:
Telegram: (https://t.me/qroitsmarkazi)
ADMIN: https://t.me/QRAIJSbot
Instagram: https://www.instagram.com/rk_aids_prof?igsh=ZmJjdG1jemk4aDQy
veb-sayt: (www.qroits.uz)
☎️ Isenim telefonlari: (61) 223-84-23 (97) 354-00-14 📪
Бизиң электрон почтамыз: qqr@aids-center.uz
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…