НӘРЕСТЕ СУЎ ИШЕ МЕ?
«Жаңадан туўылған нәрестеге суў бериў керек пе?»
Жулдыз БОЛАТОВА, Нөкис
– Баланы илажы барынша көкирек сүти менен азықландырыў зәрүр. Себеби, ана сүтиниң қурамындағы суўдың өзи бала ушын жеткиликли есапланады. Жаз мәўсими болыўына қарамастан, бала суўсызланып қалмайды.
Африкада күн ыссы болса, балаға қалайынша суў бермеўге болады, деген даў-жәнжел себепли илимпазлар әжайып эксперимент өткерди. Бир топар балаларға тек ғана ана сүти, басқа топардағыларға ана сүти менен бирге емизиўлер аралығында суў да берилген.
Бир айдан кейин салыстырылғанда, еки топардағы балаларда да ҳеш қандай суўсызланыў белгилери бақланбаған. Бирақ, көкирек сүти менен бирге суў ишкен балаларда дене салмағының азайғаны бақланған. Себеби, нәрестениң асқазаны оғада кишкене болады. Асқазаны суў менен толған бала болса ана сүтин аз қабыл етеди.
ГЕМОГЛОБИН КӨПЛИГИ ҚӘЎИПЛИ ЕМЕС ПЕ?
«Билемиз, қанда гемоглобин муғдарының түсип кетиўи (анемия) бул қәўипли. Өмирлик жолдасымда болса буның кериси. Гемоглобин муғдары артып кеткен. Бул жақсы ма яки жаман?»
Шайда Өмирзақова, Хожели районы
– Гемоглобин муғдары еркеклерде 160, ҳаялларда болса 165 тен жоқары болса нормадан асқан есапланады. Нормадан сәл артық болса, оншелли қәўипли емес. Бирақ көп муғдарда артық болыўы жаман. Себеби қан жүдә қойыў ҳәм ол капилляр тамырлардан нормал жағдайда өтпей атырған болады. Тез де бул жағдайдың себеби үйренилиўи тийис. Өйткени буны келтирип шытуғын себеплер де баршылық.
Бул процесс бүйрек кеселликлери, гипоксия (организмде кислород жетиспеўшилиги), артықша салмақ, кемнен кем жағдайларда болса да ҳаялларда жатыр миомасы ақыбетинде келип шығыўы мүмкин.
Өмирлик жолдасыңыз, дәслеп, қандағы гемоглобин муғдарын анықлаўы керек. Соннан кейин ғана оның себеби үйрениледи ҳәм ем шаралары қолланылады.
ҚУРТЛАРДЫ МАЗАЛЫ ЗАТЛАР МЕНЕН БАҚПАҢ!
- «Жасым 24 те. Менде қурт ушын жүдә арықпан. Ҳәр түрли диеталарды қоллап көрдим. Пайдасы тиймей атыр. Мәсләҳәт бериң.
Ҳүрлиман Мамутова,
Қараөзек районы
- Организмдеги қуртларды арнаўлы аўқатланыў тәртибине әмел еткен ҳалда сапластырыў мүмкин. Неге десеңиз, олар инсан қабыл етип атырған барлық мазалы тағамларға ортақ болып, семириўди ҳәм көбейиўди баслайды. Сол себепли бул «тайынтамақлар»ды жоқ етиў ушын, ең жақсысы оларды бақпаў керек. Мәселен, тап олар унататуғын өнимлерди қабыл етпеў керек. Кейин олар керекли азықлықлыққа ийе болмағанлығы ушын өз-өзинен қырылып кетеди.
Аўқатланыў тәртибинен шығарамыз! Куртлар ақ нан, мазалы затлар, манний кашасы, макарон ҳәм қамырдан таярланған өнимлерди жүдә унатады. Әсиресе, мазалы затлар қуртлардың ең жақсы көретуғыны. Парҳез ўақтында музқаймақ, конфет, мазалы ишимликлер, шоколад, ҳәттеки палды да шеклеўге туўры келеди. Қалаберсе, банан, шабдал, жүзим, қаўынлар да олардың искерлигин күшейтиўи мүмкин.
Не жеймиз? Әдетте, наўқаслардан 3-4 ай даўамында парҳез тутыў талап етиледи. Қуртлар хош көрмейтуғын тағамлар менен аўқатланыў ушын дыққатты ашқылтым палыз өнимлери ҳәм мийўелерге қаратамыз. Бундай ўақытта мазалы болмаған компотлар, қулпынай, цитрус мийўелер ҳәм ашқылтым түрдеги мийўе жең. Сүтти шеклегенимиз ушын кашаларды әпиўайы суўда таярлап жесеңиз болады.
Атап айтқанда, гүриш, гречка, жүўери жармасы менен рационды байытыў мүмкин. Барлық аўқатларды қайнатылған, пуўға писирилген ҳалда қабыл етиў қуртларға қарсы гүресиўдиң ең жақсы жолы есапланады.
«БАЛАМ НЕ УШЫН ТОПЫРАҚ ЖЕЙДИ?»
Балам 1,5 жасар ўақтынан баслап топырақ жейтуғын әдетти шығарды. Топырақты көриўден отырып алып, жей баслайды. Алдын итибар бермедим. Еле бала-ғой, қойып кетер, деп едим. Бирақ, бул әдетин сирә қоймай атыр. Бул қандай да бир кеселликтиң белгиси емес пе? Бул бағдарда мен қандай жол тутыўым керек?
– Баланың топырақ жеўи организминде саламатлығы ушын зәрүр болған витамин және пайдалы элементлердиң жетиспей атырғанлығынан дәрек береди. Бул ересек адамларда да ушыраўы мүмкин. Айырым ата-аналар бундай жағдайға оншелли итибар қаратпайды. Нәтийжеде баламыз бир қатар кеселликлерге жолығыўы мүмкин.
Топырақ, кесек, пор сыяқлы нәрселерди тутыныў организмде кальций жетиспеўшилиги ямаса кемқанлықтың белгиси болып табылады. Сонлықтан, сиз балаңызды медициналық көриктен өткериўиңиз керек.
Нәрестеге сер салып қараң, егер оның тырнақлары, шашлары морт, тис эмалында жарықлар пайда болған болса, бул организмде кальций жетиспеўшилигинен дәрек береди. Кальций жетиспеўшилиги – балалар ушын қәўипли. Себеби бул элементтиң организмге нормада түсиўи тек сүйеклердиң ғана емес, ал пүткил организмниң нормада өсиўин тәмийинлейди.
Сораўларға ҚР ДССМги емлеў-профилактикалық мәкемелериниң тийисли қәнигелери жуўап берди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…