АИВ ИНФЕКЦИЯСЫНЫҢ КЛИНИК БЕЛГИЛЕРИ ҲӘМ ОНЫ ЕМЛЕЎ

Ниязова Гулжамила Толыбаева, мик, ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы, жоқары категориялы шыпакер. Күнсулыў Аметова, ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы, жоқары категориялы врач лаборанты
RA-img

   


АИВ – бул адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы, бул тек ғана адамлар арасында тарқалатуғын жуқпалы кеселик.

АИЖС – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы, АИВ-инфекциясының ең соңғы терминал.

АИВ вируслары тийкарынан адам организминдеги иммун тоқымаларды, иммун системаны зыянлайды, усы себепли адам организминде иммунитет жетиспеўшилиги пайда болады.

Бүгинги күни АИВ инфекциясын пүткиллей жоқ ететуғын дәри-дармақлар ҳәмде оның алдын алатуғын вакциналар илимпазлар тәрепинен ойлап табылмаған.

АИВ вирусын жуқтырғаннан кейин 8-10 ҳәпте өткеннен соң адамларда кеселликтиң биринши өткир клиник көринислер дәўири басланып, бул дәўирде грипп кеселлигине уқсас белгилер: ҳәлсизлик, иштейдиң болмаўы, көп терлеў, дене температурасының көтерилиўи, жөтел, лимфа безлериниң исиниўлери жүзеге келеди. Усы дәўирде териге ҳәр түрли дақлар ҳәм бөртиклердиң шығыўы, узақ даўам етиўши иш өтиўи болыўы мүмкин.

Егерде адам АИВ вирусын жуқтырғаннан соң емленип басламаса ертеме–кешпе организм ҳәлсиреп, көпшилик жағдайларда организмге түскен вирус жеделлик пенен раўажланып, адамның иммун системасын ҳәлсиретип, соның нәтийжесинде организмде ҳәр түрли екилемши инфекциялардың раўажланыўына алып келеди. Бул екилемши инфекциялар: организмде замаррықлы инфекциялар (кандидоз), Саркома Капоши, рак кеселлигиниң базы бир түрлери, пневмоцистли пневмония, туберкулездың аўыр түрлери ҳәм тағы басқа да кеселликлер пайда бола баслайды ҳәмде кеселликтиң ең соңғы АИЖС басқышы басланады, егер адам емленбесе бул инсаннын өмирден ерте көз жумыўына алып келеди.

АИВ инфекциясына ислетилетуғын дәрилер ретровирусқа қарсы (РВҚ) препаратлары, ал АИВ инфекциясына шалынғанларды емлеу - ретровирусқа қарсы (РВҚ) емлеў деп аталады.

АИВға шалынғанларға бир ўақыттың өзинде 3 ҳәм оннан көп РВҚ препаратлары бериледи. РВҚ препаратлар организмдеги АИВ вирусларын пүткиллей жоқ етип жибермейди, бирақ организмге түскен вируслардың адам клеткаларына кириўине, клетканың ишине кирген вируслардың раўажланыўына тосқынлық жасайды ҳәмде АИВ вирусының көбейиў дәўирине өз тәсирин көрсетеди. Усының нәтийжесинде организмге түскен вируслар саны азаяды, ҳәмде медицина тили менен айтқанда «вирус жүклемеси» кемейип, әсте-ақырын организмнинң иммун системасының тиклениўине жәрдем береди. Организмде иммун клеткалары қанша көп болса, АИВ вирусы сонша кемейип баслайды, соның нәтийжесинже адамның иммун системасы организмди хәр түрли кеселликлерден қорғап, адам озин жақсы сезип баслайды.

Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайында статистик мағлыўматларға қарағанда 1000нан аслам адамлар АИВ инфекциясы менен дизимге алынып, олардың 96,3 пайызы диспансер есабына алынған, соннан 94,1 пайызына РВҚ емлеў менен қамрап алынғын. Наўқасларға РВҚ препаратлары мәмлекет тәрепинен бийпул бериледи хәмде бул препаратлардың баҳасы 1,5 - 7,2 млн сум әтирапында. АИВға шалынғанлардың 4 пайызға жақына диспансер бақлаўына алынбаған. Ал диспансер бақлаўына алынған наўқаслардың 5,9 пайызы РВҚ препаратларын қабылламай атыр. Буның себеби бүгини күни олар шет еллерде миграцияда мийнет етип атырған пуқаралар болып есапланады.

 

АИВ инфекциясының бүгинги күни еми жоқ, соны ядта тутың!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар