Кем перзентли ҳаялларда рак раўажланыўы мүмкин бе?

RA-img

  


Рак кеселлиги туўралы көп еситкенбиз. Бул кеселлик ҳаққында 9 факт келтирип өтпекшимиз.

 

1. 50 % рак кеселликлериниң алдын алыў мүмкин

Рак кеселликлери алып келген өлимлердиң дерлик ярымының алдын алыў мүмкин еди. Тек 2018-жылдың өзинде рактен 1,6 млн адам қайтыс болды. Ерте диагноз қойылғанда олардың ярымының өмири сақлап қалынған болар еди.

 

2. Атама биреў – рак, кеселликлер болса жүдә көп

Рак – бул жүзлеген кеселликлер ушын улыўмаластырылған атама. Рак туўралы айтылғанда негизинде қәўипли өспелердиң бир түри – карцинома нәзерде тутылады. Медицинаның пүткил бир тараўы — онкология бул кеселликлерди үйренеди.

 

3. Рак ҳәм генетика

Тек 5% ғана рак кеселликлери нәсиллик байланысқа ийе, яғный әўладтан-әўладқа өтиўи мүмкин. Соның ушын да кимдур рак көбинесе нәсиллик тәбиятқа ийе болады десе исенбең. Егер ата-бабаларыңызда рак болған болса бул сизде де өспе пайда болады дегени емес.

 

4. Шегиў ҳәм рак туўралы

Ким не десе де, бирақ ҳақыйқатында да 90% жағдайда өкпе раги себепшиси шегиў болып шығады. Дурыс, шекпейтуғын адамлар да кеселлениўи мүмкин, тек шегиўшилерге салыстырғанда әдеўир аз итимал менен.

 

5. Уйқысызлық ҳәм рак

Адам уйқысыз узақ жасай алмайды. Түнги уйқы 6 сааттан аз болса уйқысызлық деп аталады. Саламат уйқы кеселликтиң алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.

 

6. Ҳәтте балалар да рак пенен аўырады

Алдын балалар рак пенен жүдә аз аўырар еди. АҚШтағы мағлыўматларға қарағанда ҳәр күни 40 қа жақын балаға унамсыз өспе диагнозы қойылады. Буған себеп экологиялық өзгерислер. Балалар ана қарнында-ақ пестицидлер ҳәм азық-аўқат қурамындағы консервантлар, қосымшалар менен зәҳәрленип келмекте.

 

7. Раўажланған мәмлекетлерде рак көбирек тарқалған

Буған себеп қалалар халқының турмыс тәризи ҳәм экологиялық бузылыўлар. Бүгинги күнге келип, рак жылына туберкулёз ҳәм АИЖСтен де көбирек инсан өлимине себепши болмақта. Дүньядағы ҳәр 8 өлимнен биреўи рак ҳаққында еслеўге мәжбүр етпекте.

 

8. Рак узақ мүддет белгилерсиз раўажланыўы мүмкин

Өкпе, аналық без, туўры ишек раклери узақ мүддетке шекем ҳешқандай симптомларсыз өтиўи мүмкин. Кеселлик анықланғанда болса кеш болған болады. Соның ушын 50 жастан өткенде турақлы тәризде көриктен өтип турыў зәрүр.

 

9. Емизиўли ҳаяллардың көкирек бези рагине ушыраў қәўпи аз

Турақлы сүт пенен емизиў ҳаялларда гормонал өзгерислерге тосқынлық етип рактиң алдын алады. Ҳәзирги күнде көкирек бези рагиниң ҳаяллар арасында кең тарқалыўының ең тийкарғы себеплери:

* Көкирек пенен емизиўден бас тартыў.

* Кеш перзентли болыў ҳәм кемперзентлилик.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар