Халық медицинасында омыртқа диски грыжасының емлери

RA-img

  


Диск грыжасын даўалаўда түрли-түрли шынығыўлар жәрдем береди.

1.     Бир пачка шырпы ашылып, ишиндегилер полға шашып жибериледи. Соң ҳәрбир данасы бирим-бирим ийилип, терип алынады. Бул пайытта дизелериң бүгилмеген ҳалатта болыўы керек. Шырпы дәнелери кем-кемнен көбейттирилип барылады.

2.     Арқаң менен полға жат. Қолларыңды көкирек ямаса қарын үстине қой. Аяқларың менен велосипед айдап атырғандай ҳәрекет ет. Бул пайытта бас бираз көтерилген позицияда болса, және де жақсы.

3.     Арқаң менен полға жат. Қоллар көкирек үстине қойылады. Аяқларың қайшы менен қыйып атырғандай ҳәрекет етсин.

4.     Арқаң менен полға жат. Аяқлар геўдеге илажы барынша жақын тартылады. Қоллар дизе астынан өткизип усланады. Желке көтериледи ҳәм алға-артқа ҳәрекетленеди.

 

Жоқарыдағы шынығыўлардың ҳәр бири 12-15 мәртеден орынланады ҳәм кем-кемнен арттырылып барылады. Шынығыўлар менен бир қатарда, ишеклерди тазалап турыў керек. Буның ушын ҳәр түнде 1 чай қасық Александрия терегиниң (Сано) жапырақлары 150 мл қайнаған суўға демленеди.

 

Буннан тысқары, омыртқа грыжасының аўырыўын жеңиллестириў мақсетинде төмендеги усыллардан пайдаланыў мүмкин.

1. Чистотел шөбинен демленген чай ишип турылады. Буның ушын бир қасық майдаланған жапырақлары 200 мл қайнаған суўда 20 минут даўамында демлеп қойылады. Ҳәр күни 3-4 мәҳәл 50 миллилитрден ишип турылады.

Даўамлылығы 10 күн.

 

2. Ылайдан таярланылған компресс пайдаланылады. Бул ылай бир ярым — еки сааттан соң алып тасланады. Оның қойыўлығы нормада, яғный қатық ямаса қамыр дәрежесинде болыўы керек.

Бул процедура күнине 2-3 мәртебе өткериледи.

Даўамлылығы 7 күн.

Омыртқа бағанасындағы диск грыжасын сапластырмақшы болғанлар шынығыўлар менен бир қатарда, төмендеги емлеў илажын да қолланса болады.

Дәслеп омыртқа бағанасы майланады. Yстинен мумиё ҳәм пал араласпасы сүртиледи. Пропорциясы: 1 грамм мумиёға 100 грамм пал. Мумиёни дәслеп 1 чай қасық қайнаған суўда еритип алыўды умытпа.

Бундай емлеў аўырыўды кемейттиреди ҳәм киси тәнине жеңиллик бағышлайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар