Мигрантлар ушын әҳмийетли мағлыўмат: АИВ инфекциясы ҳәм оннан қорғаныў усыллары

П.Хажиев, Б.Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа қарсы гүресиў орайы қәнигелери
RA-img

  


Ҳәр жылы мыңлаған инсанлар өз Ўатанын таслап, жумыс ислеў ямаса жасаў мақсетинде басқа мәмлекетлерге жол алады. Миграция процесинде ҳәр қыйлы машқалалар жүзеге келиўи мүмкин ҳәм олардан бири – денсаўлық пенен байланыслы қәўип-қәтерлер болып табылады. Әсиресе, АИВ (адамда иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) инфекциясы ҳаққында дурыс мағлыўматқа ийе болыў ҳәм өзин қорғаў ҳәр бир инсан ушын әҳмийетли.

 

АИВ деген не?

АИВ – бул адам иммун системасын ҳәлсирететуғын вирус болып, ол организмниң инфекция ҳәм айырым қәўипли кеселликлерге қарсы гүресиў қәбилетин төменлетеди. Вирус жуқпалы болса да, ол ҳаўа арқалы ямаса қол берип сәлемлесиў арқалы жуқпайды.

 

АИВ қалай жуғады?

АИВ инфекциясы төмендеги жоллар арқалы жуғыўы мүмкин:

• Қорғаныўсыз жынысый қатнас арқалы;

• Патасланған шприц ямаса шаншыў затлары арқалы;

• АИВ жуқтырған ананың нәрестеге туўыў ўақтында ямаса емизиў процесинде;

• Қан қуйыў арқалы (тек ғана тексерилиўсиз жағдайда).

 

АИВ жуғыўын қалайынша алдын алыў мүмкин?

• Ўападар болың;

• Жеке гигиена қуралларынан (бритва, тис шёткалары) пайдаланың;

• Тексерилген ҳәм стерил шприцлерден пайдаланың;

• Қан қуйыў керек болса, оның қәўипсизлигине исеним пайда етиң;

• АИВ ушын турақлы тест тапсырың, әсиресе, қәўип топарына киретуғын жағдайларда.

 

АИВ менен жасаў мүмкин бе?

Аўа, бүгинги медицинада АИВ инфекциясы қадағалаўға алынатуғын кеселлик есапланады. Егер инфекция ерте анықланса ҳәм емлеў (АРТ – антиретровирус терапия) өз ўақтында басланса, инсан толық жасаўы, ислеўи ҳәм шаңарақ қурыўы мүмкин.

 

Мигрантлар ушын арнаўлы мәсләҳәтлер:

• Жаӊа мәмлекетте дизимнен өткен шыпакер менен байланысың;

• Жергиликли денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде АИВ тестин тапсырың;

• Ҳеш қашан уялмаң – бул сизиң ден саўлығыңыз ҳәм өмириңиз ушын әҳмийетли.

Ҳәр бир адам өз денсаўлығына жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы, билимли болыўы ҳәм профилактикалық илажларға әмел етиўи зәрүр. АИВ ҳаққындағы мағлыўматлар – өмирди сақлап қалыўы мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар