Дәстүрлер (салт-дәстүр, үрдис, әдет, үрп-әдет)

RA-img

Дәстүрлер қәрели мийўеси сыяқлы. Қәрелиниң жемиси енди пайда болған гезде, ол еле ашшы. Ўақыт өтип, оның дәми қышқыл болады. Қышқыл дәмди унататуғынлар сонда оларды жеп ҳәз етип қалады. Ўақыты келгенде ғана қәрели қызарып писип, мазалы болады. Бул мазалы қәрелини ҳәмме жақсы көреди!


Бирақ бираз ўақыттан кейин пискен қәрели бузыла баслайды. Ол босасады, үстинде майда шыбынлар пайда болады, жағымсыз шириктиң ийиси шығады. Шириген қәрели ҳеш кимге унамайды. Сонлықтан, шириген қәрели дәстурханнан алынып, атызға ылақтырылыўы яки жерге көмилиўи тийис.

Дәстүрлер ҳаққында буның менен не делинбекши... Салт-дәстүрге қарсы емеспиз, бирақ олар биреўдиң жеке мәпин әмелге асырыў усылына айланып қалса, раўажланыўға тосқынлық етсе, бузылыўға жол ашып берсе, адамларға қуўаныш орнына ҳәсирет әкелсе, оларды шириген қәрели сыяқлы ылақтырыў керек!

 

Турмыста көрип атырмыз – қанша-қанша керек емес, жәмийетке зыян ески ҳәм жаңадан пайда болған дәстүрлер баршылық. Оларды ким, қайсы жәмийет яки орган жөнге салып атыр? Бул сораўға жуўап жоқ. Сонлықтан, ҳәр бир адам, ҳәр бир шаңарақ өзлери пайыты келгенде бузылысларға үндемей шыдап отыра бермей, бузғыншы дәстүрлерге қарсы барыў лазым.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар