ҲӘМИЛЕДАР БОЛЫЎ – ЕҢ ҮЛКЕН ЖУЎАПКЕРШИЛИК

RA-img

  


Бизиң турмыслық тәжирийбемиз қурсақ ишиндеги өмир дәўиринен басланады, еле де дурысырақ етип айтқанда, даўам етеди. Көплеген туўыўшы ата-аналар бул дәўирдиң әҳмийетин билмейди.

Бизиң қурсақ ишиндеги дәўирдиң әҳмийетин билмеўимиз – бул ҳәмилениң қурсақ ишинде өз өмирин өзи жасап атырғанын түсинбеўимизден ибарат. Адамның келешекте қалай жасайтуғыны, саў-саламат болатуғыны, бахытлы болатуғыны көп жағынан ҳәмиледарлықтың қалай өтиўине байланыслы.

Жатыр ишиндеги жарақатлар ең аўыр жарақатлар. Егер ҳәмиледарлық ўақтында ана ҳәмилени қалдырыў ямаса қалдырмаў, туўыў ямаса аборт етиўди шешсе, онда бул ҳәмилеге ең унамсыз тәризде тәсир етеди. Усыларды басынан ѳткерген ҳәм туўылған адам қорқыў, қәўип-қәтер, керексизлик сезимлерин басынан кеширеди.

Болажақ ананың қалай жасайтуғыны, оның не оқыйтуғыны, нени үйренетуғыны, нелерди кѳретуғыны, нелерди жейтуғыны, нелерди тынлайтуғыны – булардың ҳәммеси кишкене балаға берилетуғынлығы жүдә әҳмийетли. Егер ана тынышсызланып атырған болса, онда бала да тынышсызланып қалады. Ҳәмиледар болыў – бул үлкен жуўапкершилик.

Ҳәмиледарлық дәўирде ҳәмме нәрсе әҳмийетли: палыз ҳәм мийўелер арқалы келетуғын витаминлер, ең әҳмийетлиси – биз байланыс арқалы қабыл ететуғын муҳаббат витаминлери. Болажақ аталар ҳәм аналар УЗИ диагностикасына қызығыўы мақул емес, ѳйткени кишкене адам нурланыўға түседи.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар