Баланың жасы ҳәм спорт

Пайзуллаев Даврон, Хожели районы СЭТҳЖСБ, эпидемиология ҳәм иммунопрофилактика бѳлими меңгериўшиси
RA-img

  


Гимнастика

Көркем гимнастика секциясында баланы 3-4 жасынан баслап таярлайды. Оған арнаўлы костюм, қызларға қосымша — түйреўиш, секиргиш, топ сыяқлы қураллар керек. Гимнастика ийкемлилик, сулыў жүриў, шаққанлық сыяқлы қәсийетлерди раўажландырады. Өзин өзи баҳалаўды арттырады, минсиз сымбатты қәлиплестиреди. Жақыннан көре алмаўшылықтың қәлеген дәрежесинде шуғылланыўға тыйым салынады, жүдә аўыр спорт деп саналады.

 

Жүзиў

Жүзиў — бул да спорт, оған баланы 3 жастан баслап алады. Оған көп нәрсениң кереги жоқ — суўда жүзетуғын кийим, очки ҳәм бас кийим болса болғаны. Жүзиў омыртқаның машқалаларына (сколиоз), сондай-ақ, семизликке шатылған балаларға пайдалы. Ол қан айланысын жақсылайды, дем алыў системасын ретлестиреди. Жүзгиш балалардың сүйек-булшық ет системасы дурыс раўажланады. Қарсы көрсетпелери де жоқ емес, олар: туберкулёз, көз аўырыўлары, тери, ЛОР ҳәм асқазан жарасы кеселликлеринде қадаған.

 

Атқа миниў

Атқа миниў секциясына балаларды 4 жастан баслап алады. Бурыннан-ақ жылқы жәниўары балалар менен, ҳәтте наўқаслар менен (әсиресе, таяныш-ҳәрекет системасы кеселликлеринде) жумыс ислеўге тартылады. Усы үлкен ҳәм мийримли жәниўарлар мене қарым-қатнас психикаға жақсы тәсир етеди. Ат спорты денени тик услаўға, теңсалмақлылықты сақлаўға үйретеди, характерди беккемлейди. Окулист пенен педиатрдың анықламасы керек. Әўел баста балалар әдеттеги спортлық костюмлар менен қатнаса береди, кейинирек тәжирийбе жыйнағанына қарап өнер көрсетиў ушын арнаўлы қурал-жарақлар қолланыўы тийис.

 

Футбол, баскетбол, волейбол

5-6 жасынан баслап балаларды футбол, баскетбол ҳәм волейбол сабақларына шақырыўға болады. Бул спорт түрлери командада үйлесимли жумыс ислеўге үйретеди, көз илгирлиги менен шаққанлықты, тезликти раўажландырады. Ойын барысында балада мықлы ерик-жигер қәлиплеседи, ал бул оған келешекте тек спорт тараўында ғана емес, күнделикли өмирде де жәрдем береди. Шуғылланыўға болмайтуғын жағдайлар: көз кеселликлери, жалпақтабанлық, мойын омыртқаларының турақсызлығы, организмдеги жара процесслери, бронхиал астма. Кийим-кеншек ең әпиўайы: шорты, майка ҳәм спортлық аяқ кийим (кроссовки).

 

Дзюдо

Баланы дзюдоға 5 жастан баслап бериўге болады. Онда тренерлер балаларға дурыс дем алыўды, денениң теңсалмақлылығы менен ийкемлигин сақлаў қәбилетин раўажландырады. Дзюдо менен кимлерге шуғылланыўға болмайды: бүйрек, көз, жүрек ҳәм таянышҳәрекет кеселликлери менен аўыратуғын балаларға қатнасыўға тыйым салынады. Ал «кийим-кеншектен» дзюдоға арналған материалдан тигилген костюм — кең шалбар ҳәм шапан алыў керек.

 

Теннис

Стол тенниси ҳәм үлкен тенниске 5 жастан баслап барыўға болады. Үлкен теннис — жүдә аўыр спорт, сонлықтан мойын омыртқаларының турақсызлығы, жақыннан көрмеўшилик ҳәм жалпақтабанлығы бар балаларға қарсы көрсетпе бар.

Ҳүрметли ата-аналар! Есиңизде болсын, дене шынығыўы менен шуғылланыў сизиң балаңызға ҳаўадай керек. Бул оларға келешекте денсаўлығын сақлаўға ғана емес, соның менен қатар руўхтың беккемлиги, алдына мақсет қоя билиў, және соған жетиўине көмеклеседи. Гезлескен қыйын жағдайға шыдамлы, қарсы төтепки бере алатуғын сыпатты раўажландырыўға жәрдем береди. Бирақ барлық сабақлар бала ушын қызық болыўы керек екенин умытпаң

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар