1. Ҳәр күни китап ҳәм газета-журнал оқың. Сондай-ақ, 20-30 минут даўамында бир спорт түри менен шуғылланың. Ҳасла ериншеклик етпең. Бул шыдамсызлықтан дәрек.
2. Телевизорды қысқа ўақыт кѳриң. Ол сизге улыўма керексиз болған мағлыўматлар менен пикириңизди шалғытады.
3. Бир суткада 6-8 саат даўамында уйқылаң, уйқыңыз нормада болсын. Түнде уйқылаўдың илажы болмаса, бул исти күндизи әмелге асырың. Толық уйқы саламатлық ҳәм саламат пикир гиреўи есапланады.
4. Қан айланысының жақсыланыўы ҳәм мий активлесиўи ушын рационыңызда гешир, кишмиш ҳәм ғоза өнимлери болыўы шәрт.
5. Қабыл етилген мағлыўматларды ядта сақлап қалыўды қәлесеңиз, В витамини көп болған өнимлерди қабыл етиң.
6. Ҳәрекетшеңликти асырыў, мий ҳәм организмниң нормал жағдайда ислеўи ушын темир элементи зәрүр. Ол болса мына өнимлерде көп муғдарда болады: жасыл алма, әнар, қара нан.
7. Мий нормал искерлик көрсетиўи ушын тамырларда нуқсан болмаўы лазым. Буған ерисиў ушын болса лимон, апельсин ҳәм мандарин көбирек қабыл етиў керек.
8. Пикирлеў процессин жақсылаў ҳәм тезлестириў ушын кальций ҳәм калий лазым. Ол сүт ҳәм сүт өнимлери, қақ ерик ҳәм помидорда көп болады.
9. Күнде-күнара жаңа идеялар туўылыўы, есте сақлаўдың жақсыланыўы ҳәм саламат болыўды қәлесеңиз, әнжир жең! Себеби, оның қурамында мийди кислород пенен тәмийинлейтуғын элемент бар.
10. Дәм бериўшилер (татымлықлар, зироварлар) мий искерлигин жақсылаўда жүдә қол келеди. Мәселен, зийре ҳәм имбирь дыққатты асырады, ашшы бурыш (қалампир, перец) мийдеги қан айланысын жақсылайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…