КОНТАКТТАН КЕЙИНГИ ПРОФИЛАКТИКА

Г.Ниязова, К.Аметова, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы жоқары категориялы шыпакерлери
RA-img

  


КПК (контакттан кейинги профилактика) – бул патоген микроорганизмлер менен контакт нәтийжесинде раўажланыўы мүмкин болған инфекцияның алдын алыўға қаратылған медициналық профилактик илаж болып есапланады.

Кәсипке байланыслы контакт – бул хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында жарақатланыў нәтийжесинде тери ямаса сыллық қабатлар арқалы қан ямаса басқада биологик суйықлықлар менен контактта болыўы.

Кәсипке байланыслы контакт тек ғана медицина хызметкерлери арасында емес, ал басқада кәсип йиелери арасындада жүзеге келиўи мүмкин: мысалы ушын маникюр, педикюр, татуаж, пирсинг, шаштәрез х.т.б. усыған қусаған кәсип ийелери арасында да ушырасады.

Кәсипке байланыслы контакт қан ямаса басқада биологик суйықлықлар менен патасланған өткир әсбаплар ямаса әнжамлар (йине, скальпель, алмас. қайшы х.т.б.) менен жарақатланғанда тери ямаса сыллық қабатлардың пүтинлиги бузылғанда биологик суйықлықлардың түсиўи нәтийжесинде қан арқалы жуғатуғын кеселликлер АИВ, гепатит В, С менен зыянланыў қәўпин келтирип шығарады.

Кәсипке байланыслы контакт болғанда АИВны жуқтырып алыў қәўпи контакттың түрине хәм қәўипли материалдық муғдарына байланыслы болады. Әсиресе ийне шыншылып кеткенде, терини кесип алғанда АИВны жуқтырыў қәўпи 0,33%ти қураса, егер сыллық қабатларға ямаса жарақатланған териге тамса -0,09% қурайды.

Мысал ушын АИВ кеселлигин жуқтырып алмаў ушын контакттан кейинги профилактика илажлары өткерилиўи лазым.

КПК өткергенде егер АИВны нәзерде тутатуғын болсақ, бул кең қамыраўлы хызмет усыныс етиледи, булар :

1.      Биринши жәрдем көрсетиў;

2.      Мәсләхәт бериў;

3.      Қәўип дәрежесин анықлаў;

4.      Жазба түрде разылық билдеиргеннен кейин АИВға тексериў ушын қан алыў ҳәм оны тексериў.

Биринши жәрдем көрсетиў

Мақсет – зыянлы биологик суйықлықлар, яғный қан ямаса басқа тоқымалар менен контакт ўақтын қысқартырыў хәмде жарақатланған орынды туўры зәрерсизлендириў арқалы зыянланыў қәўпин кемейтириўден ибарат.

 

Жумыс орнында авария жағдайы жүз бергенде

медицина хызметкерлери ушын ЕСЛЕТПЕ

Ийне ямаса өткир кесиўши қураллар менен жарақатланғанда

Ø Қолқапта болған жағдайда дәслеп қолқап үстинен жуўылады;

Ø Жарақатланған орын дәрҳал ағын суўда (қан тоқтағанша) сабын менен жуўылады;

Ø Жарақатланған орын антисептик: дезинфекциялаўшы гель ямаса қол жуўыўға таярланған еритпе менен тазаланады (ағын суў жоқ болса);

Есте тутың!!!

ü  Күшли тәсир етиўши еритпелерден (йод) пайдаланыў мүмкин емес!

ü  Жарақатланған орынды басып турыў, езиў ямаса ысқалаў мүмкин емес!

ü  Ийне шаншылған жерден қанды сорып таслаўда мүмкин емес!

Қан ямаса басқа биологик суйықлықлар жарақатланбаған териге шашырағанда

Ø Жарақатланған орын дәрҳал ағын суўда жуўылады;

Ø Жарақатланған орын антисептик: дезинфекциялаўшы гель ямаса қол жуўыўға таярланған еритпе менен тазаланады (ағын суў жоқ болса);

Есте тутың!!!

ü  Күшли тәсир етиўши еритпелерден (йод) пайдаланыў мүмкин емес!

ü  Жарақатланған орынды басып турыў, езиў ямаса ысқалаў мүмкин емес!

ü  Ийне шаншылған жерден қанды сорып таслаўда мүмкин емес!

Көзге ямаса аўыз бослығына шашырағанда

Ø Көз дәрҳал суў менен ямаса физилогик еритпе менен жуўылады (ысқаламастан). Басты арқаға таслап отырған ҳалда, қасыңдағы бирге ислеп атырған кәсиплеслердиң жәрдеми менен суў қўйылып тuрылады, суйықлық көздиң мурын тәрепинен сыртқы мүйеши тәрепке қарай ағыўы лaзыm.

Ø Көзди жуўған ўақытта контакт линзалардын шешиў мүмкин емес, себеби олар қосымша қорғаў қабатын ҳасыл етеди. Линзалар көзди жуўып болғаннан кейин алынады.

Ø Аўызға түскен суўықлық дәрҳал түпирип тасланады, суў ямаса физиологик еритпе менен бир неше мәрте шайылады.

Ø Көзди ҳәм аўызды сабын яки дезинфекциялық еритпе менен шайыў мүмкин емес.

 

Авария жағдайы ҳыққында дәрҳал бөлим менгериўшисине ямас нәўбетши шыпакерге хабар бериледи ҳәм дәлалатнама жазылыўы лазым

Авария  жағдайы ҳаққында  «ДПМдағы медицина хызметкерлери арасында болған авария жағдайын дизимге алыў» журналына жазылады

Наўқастың ҳәи медицина хызметкериниң АИВ сатаусы анықланады

АИЖСке қарсы гүресиў орайына хабар бериледи

АИВ инфекциясын жуқтырып алмаў мақсетинде биологик суйықлықлар менен контактта болғаннан кейин таз арада, яғный дәслепки саатларда 4 саат ишинде, жәнеде 72 сааттан кешиктирместен, тексериў нәтийжесин күтпестен, басланыўы керек.

КПК (контакттан кейинги профилактика) Анықланған қәўип дәрежесине қарап ретровирусқа қарсы емлеў курсы 28 күн даўамында өткериледи, хәм 3 ай даўамында гүзетиледи, 3 айдан кейин қайтадан лабораториялық анализ тексериледи хәм қанында АИВ вирусы анықланбаса гүзетиў тоқтатылады

Авария жағдайы жүз бергенде АИЖСке қарсы гүресиў орайына тек ғана мәмлекетлик медицина мәкемелери емес, ал жеке меншик медицина мәкемелериниң, гөззаллық салонларының, шаштәрезхана ҳәмде басқада өз профессиясында усындай өткир кесиўши қураллар менен ислесиўши ҳәмде қан, билогик суйықлықлар менен контактта болатуғын хызметкерлерде хабарласса болады.

 

ҚОСЫМША МАҒЛЫЎМАТЛАРДЫ ТӨМЕНДЕГИ МӘНЗИЛЛЕРДЕН АЛСАҢЫЗ ҲӘМ ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СОРАСАҢЫЗ БОЛАДЫ

Телеграм каналы: https://t.me/qroitzmarkazi, Электрон прочта: qqr@aids-center.uз

☎️ Исeним телефонлары (61) 223-84-23, (97) 354-00-14

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар