Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў процесси АИВ жуғыў жолларының бири есапланады, бирақ инфекция жуғыўын жоққа теңлестириўге болады.
Вирус балаға ана суйықлықлары (қан, сүт) пенен контакт болғанда ѳтеди. Егер алды алынбаса, АИВ инфекциясының балаға жуғыў қәўипи 30-ң5% ти қурайды, егер бир неше қағыйдаларды қолланылса бул қәўипти нольге кемейтиўге болады:
- ҳәмиледардың туўыў ўақытында ҳәм жаңа туўылған балаға АРВ терапия қолланыў;
- кѳкиректен емизиўди қадағалаў;
- шыпакер усынысларын орынлаў;
ПШР (полимераза шынжырлы реакция) вирус бөлекшесин анықлаўға ҳәм ИФА (иммунофермент анализ) антидәнешелерди анықлаў ушын жаңа туўылған баладан АИВ инфекциясына бир неше анализ алынады. ПШРдың оң жуўабы баланың қанында вирус болыўы мүмкинлигин билдиреди.
ПШР бир неше рет ѳткериледи:
- Туўылғаннан 48 саат ишинде - ҳәмиледарлық ўақытында жуққанлығын анықлаў ушын;
- 6 ҳәптелик ўақытта - туўыў процессинде жуққанлығын анықлаў ушын;
- 12 ҳәптеликте – бул ўақыттағы терис жуўап дерлик 100% балада АИВның жоқлығын дәлиллейди.
ИФАның оң жуўабы балада инфекция барлығын дәлиллемейди, себеби баланы қорғаў ушын анадан ѳткен антидәнешелер болады.
Қайта тексериўлер 18 айлығында ѳткериледи – бул дәўир ишинде анадан ѳткен антидәнешелер организмнен жоғалады.
Есте сақлаң, АИВ инфекциясы ѳмирден үмит үзиўге себеп емес, ҳәр қандай ҳаял саў баланы дуньяға алып келип, оны бахытлы етип раўажландыра алады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…