Баўыр – бизди зыянлы элементлерден қорғаў ушын шаршаў нелигин билмей мийнет ететуғын өзине тән фильтр есапланады. Спиртли ишимликлер, майлы аўқат, азық-аўқат өнимлериндеги химиялық қосымшалар, дәрилер – булардың барлығы баўырымыздың душпаны. Бахтымызға, оның дослары да кем емес!
Қабақ
Баўыр қызыл ҳәм сары реңли етке ийе мийўе-овощларды жүдә жақсы көреди. Тийкарынан, әне усындай реңли қабақта Т витамини көп болып, ол аўыр аўқаттың сиңиўине жәрдем береди ҳәм буның менен баўырдың жумысын жеңиллестиреди.
Ламинария
Бул суў шөбин теңиз капустасы деп те атайды. Оның жапырақлары 5% ке альгин кислотасы дузларынан ибарат болып, ол «зыянлы элементлердиң тәбийий утилизаторы» атын да алған.
Альгинатлар айырым химиялық белсенди бирикпелерди ҳәм аўыр металлар дузларын байланыстырады, яғный баўырға организмди зыянлы элементлерден тазалаўға көмеклеседи.
Сүт өнимлери
Қатық, ряженка ямаса йогурттың майсыз түрлерин қабыл еткен мақул. Олардың барлығы ишек микрофлорасын саламатластырады ҳәм организмнен зыянлы элементлер шығып кетиўине жәрдем береди. Буннан тысқары, сүт өнимлери токсинлерди өзине «сиңдирип» алады (соның ишинде, организмге патасланған ҳаўа арқалы түсетуғынларын да) ҳәм оларды шығарып таслайды.
Қақ ерик
Баўыр ширели затты жақсы көреди, ал ҳәрқандай қақ мийўе болса конфет ҳәм майлы пирожнийлерден әдеўир пайдалырақ. Жақында қәнигелер қақ ерикти турақлы тәризде қабыл етиў баўыр раги пайда болыў қәўпин азайтыўын анықлады.
Зайтун майы
Қурамында Е витамини көп болған тийкарғы антиоксидант. Ол организмди еркин радикаллар, яғный қуяш нуры, сигарета түтини, патасланған ҳаўа ҳәм радиация себепли пайда болатуғын элементлер тәсиринен қорғайды. Баўырымыз да тиккелей усы зыянлы элементлер менен гүресиўге мәжбүр.
Баўыр ушын 5 тийкарғы витаминлер
Баўыр жақсы ислеўи ҳәм шаршап қалмаўы ушын рационыңызда ҳәрдайым «баўыр» витаминлери жетерли болыўына итибар бериң.
А витамини. Барлық қызыл ҳәм тоқ сары мийўелерде бар. Әсиресе, каротинге гешир, ләблеби, ерик, болгар бурышы, қабақ бай болады.
Е витамини. Масақлылар, өсимлик майы ҳәм балықта бар.
Омега 3 майлы кислоталары. Олар тийкарынан сельд, форель ямаса скумбрия сыяқлы майлы балықларда болады.
Рибофлавин (В2 витамини). Ол шабдал, алмурт, ләблеби ҳәм шпинатта (исмалоқ) көп.
Липой кислотасы.Оны сүт өнимлери ҳәм шпинаттан табасыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…