Сары май қабыллаў ушын 6 себеп

Асия Мамутова, Нѳкис қалалық 9-шаңарақ поликлиникасы, 5-аймақ патронаж мийирбийкеси
RA-img

  


1. ШАШЛАРДЫҢ КӨРИНИСИ ҲӘМ ТЕРИ УШЫН…

Сары  май  қурамындағы  Е  витамини шаш, тырнақ ҳәм теримиздиң  саламатлығы  ҳәм  гөзаллығы ушын  жүдә  үлкен  әҳмийетке  ийе. Ҳәр күни аз муғдарда сары май жеў арқалы жылтырамайтуғын ҳәм қурғақ  шашларды,  терини  нормаға  келтиреди.

 

2. САЛАМАТ ТАМЫРЛАР…

Саламат тамырлар ушын жақсы холестерин дәрежесин билиў жүдә әҳмийетли. Тиккелей  сары  май  қандағы холестеринди асыратуғын өнимлердиң зыянын азайта алады.

 

3. АСҚАЗАНДЫ ТӘБИЙИЙ МАЙЛАЙДЫ…

Созылмалы  асқазан-ишек  кеселликлеринен  қыйналатуғынлар рационына сары майды киргизиўи керек.  Қурамындағы  А  витамини себепли  ол  жарақатларды  емлеўде ҳәм  асқынланыўдан  қутылыўда  жәрдем  береди.  Буннан  тысқары,  сары  май  асқазан  дийўалларын  орап турған  ҳалда  тәбийий  майлаў  ўазыйпасын атқарады.

 

4. ҚОСЫМША КҮШ-ҚУЎАТ

Сары май денеге  қосымша  күш-қуўат ҳәм  жылыўлық  береди.  Соның  менен бирге, ол қәдди-қәўметке зыян жеткермеў ушын күнине қабыл етилген сары май муғдары 30 граммнан аспаўы тийис.

 

5. ЖАҚСЫ КЕЙПИЯТ

Сүт  майларында  көплеген  триптофан  –  аминокислоталары  бар  болып,  олар  серотонинди  ислеп  шығарыўға  өз  үлесин  қосады.  Солай етип,  сары  майды  жақсы  кейпияттың  қурамлық  бөлимлеринен  бири  деп  атаў  мүмкин.  Серотонин, сондай-ақ,  ширели  затларға  болған умтылыўды  азайтады  ҳәм  уйқыны жақсылайды.

 

6. ИСЛЕЎ ҚӘБИЛЕТИНИҢ КҮШЕЙИЎИ

Сүт  майлары  мий  клеткаларын жаңалаўға жәрдем береди, ақылый процесслерди  тезлестиреди  ҳәм  дыққатты  асырады.  Мектеп  оқыўшылары  ҳәм  ақылый  мийнет  адамларының  рационында  сары  майдың болыўы жүдә әҳмийетли.

 

АЙТПАҚШЫ…

Сары  майдың  күнлик  нормасы  –  10  гр.  Үлкен  жаслы  саламат адамлар  бир  күнде  20-30  гр.ға  шекем сары май қабыл етиўи мүмкин. Әсиресе,  сары  майды  таңғы  астың ўақтында қабыл етиў мақсетке муўапық.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар