Саламат, тетик, белсенди болыў, хәрдайым исшең кейпиятта жүриўди ким де қәлемейди дейсиз? Гейде ҳәлсизленип, күш-қуўатты алдырғандай боламыз. Бас аўырыўы, дыққатты жәмлей алмаў, мийнетке жарамсызлық, уйқы бузылыўы сыяқлы белгилер мазаласа, шаршағаннан деп ойлаймыз. Негизинде болса, булардың барлығы организм суўсызланыўы белгиси есапланады.
Илимий изертлеўлерден белгили, инсан организминиң тийкарғы бөлими суўдан ибарат. Яғный мийдиң 75 пайызы, қанның 92 пайызы, сүйеклердиң 22 пайызы, булшық етлердиң 75 пайызы суйықлықтан қуралған. Сол себепли биз, адамлар азықлықсыз 20 күнге шекем жасаўымыз мүмкин, бирақ шөллеўге бир ҳәпте де турып бере алмаймыз. Суў организмге аўқатлар менен түскен пайдалы элементлерди барлық клетка ҳәм тоқымаларға толық жеткерип бериўде, яғный зат алмасыўы процесинде белсенди қатнасады.
Организмде түрли зәҳәрли элементлер, қурымлар жыйналып қалыўы жетерли муғдарда суў ишпегенликтен. Биз көбинесе сок, шай, кофе ишип, шөлимизди қандырғандай боламыз. Бирақ булардың ҳеш бири денемизди суўсызланыўдан қутқара алмайды. Организм суйықлыққа тойыныўы ушын ҳәр бир адам күнине кеминде еки-үш литр суў ишиўи керек, ал жаздың ыссы күнлери төрт-бес литрға шекем. Буның ушын шөллеўди күтиў шәрт емес. Себеби ўақыт өткени сайын адамда шөллеўди сезиў әззилеп барады. Көп жағдайларда биз организмниң суўға болған мүтәжлигин ашлық пенен адастырамыз ҳәм аўқатланамыз. Ҳақыйқатында да ашлық па яки шөллеп атырсыз ба, буны билиў ушын бир стакан қайнатылған суў ишип көриў керек. Арадан он минут өткеннен кейин, ашлық сезилмей қалса, демек, организмде суўға мүтәжлик туўылған болады.
Улыўма күнлик норма, яғный 10 – 12 стакан суў ишиўди ядтан шығармаў ушын ыдыстағы ишимликти тез-тез көзимиз түсетуғын жерге қойыўымыз керек. Ҳәр бир адам сол тәризде өзи ушын ишимлик рационын дүзип алса, еки ҳәптеге қалмай, ишки ағзалар, жүрек-қан тамыр системасы, тирек-ҳәрекет ағзалары искерлиги жақсыланады. Мысал ушын, азанда уйқыдан турғаннан кейин, бир стакан суў ишип, арадан бир-бир ярым саат өтип шайҳалқас етилсе, ассиңириў ағзалары күн даўамында жедел ислейди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…