Мыңжыллық даналықлар

Саза журналынан
RA-img

Перзентлер ушын ең әҳмийетлиси билимлениўи емес, ал тәрбияланыўы.


Бизлер геллемизге келетуғын жаман ойларды қадаған ете алмаймыз, бирақ олардың геллемизде уялаўына жол қоймаўымыз тийис.

 

Бул дүньядағы барлық бахыт басқаларды бахытлы етиў қәлеўинен келип шығады.

Бул дүньядаға барлық бахытсызлық – өзиңди бахытлы етиў қәлеўинен…

 

Еркинлик – қәлеген нәрсени ислеў имканияты емес, ал жуўапкершилик. Ҳәм, егерде сиз өзиңизге өзиңиз жуўап бермейтуғын болсаңыз – онда биреў келип сиз ушын жуўап бере баслайды. Бул – қулшылық деп аталады.

 

Сен дәслеп қәдем тасла – кейин жол пайда болады.

 

Турмыс қыйыншылықларынан қашып қутыла алмайсаң, бирақ олардан азап шегиў шәрт емес.

 

Қызғаныш қашан пайда болады? Егер мен еле жобаластырып, ойлап яки әрман етип жүрген бир ойымның басқалар турмысында әмелге асырып атырғанын көрсем – мениң ишимде «Бул исти мен ойлап жүрип едим, мынаў меннен бурын буны ислеп кетипти-ғой» деген келиспеўшилик пайда болады. Мине усы – қызғаныш.

 

Әўмет келгенде қуўанышқа бөлениў аңсат – қыйын күниңде адамгершиликти сақлап қалыў қыйын.

 

АҚЫЛын бойсындыра алғанға – ол ең жақын дос. Бойсынбаған ақыл – ең қәўипли душпан.

 

Өзиңниң әўметсизлигиңде ҳәммени айыплап жасасаң да болады, ҳәм сондай-ақ, ҳәр күни ертерек турып, өжерлик пенен әўметке ерисиў ушын ҳәрекет етсең де болады.

 

Егер жеке раўажланбаса, ҳәтте парасатлы адам да ақылсызланады.

 

Барлық ажырымлардың себеби биреў – жеке өзиңниң бахытлы болыўыңды қәлеў.

 

Сизиң барлық қәлеў ҳәм әрманларыңыз әмелге аспақта! Ҳәм, сиз олардың ақыбетлери ушын жуўап бермектесиз!...

 

Сизиң әтирапыңыздағы адамлар (ата-ана, ата-ене, туўысқанлар, жубай, перзент, бийкеш, коллега ҳәм т.б.) тосаттан пайда болған емес. Олардың бәри сизиң дүньяқарасыңызға сәйкес.

 

Яки сықмарлығыңды азайтасаң, яки еки жумыста ислейсең.

 

Қалай етип жасаў кереклигин билиўшилер оғада көп. Бахытлы жасап атырғанлар негедур аз.

 

Атам айтатуғын еди: «Егерде ҳаял ўәдесиниң үстинен шыға алмаса – тек алжыған ер адам оған ашыўланады яки қапа болады».

 

Егерде қәтеңди дурыслай алатуғын болсаң – демек, сен еле қәтелеспегенсең.

 

Егерде сиз бир нәрседен қорқа басласаңыз – сол нәрсе әмелге аса баслайды.

 

Барлық нәрсе тоқтайды. Кимдур ҳәзир жақсы күнлерди басынан кеширип атырған болса яки жаман күнлерин, билиң – бул күнлер таўсылады.

 

Егерде турмыстың қәлеген жағдайында геллеңде пайда болатуғын «Булар қандай болыў керек еди» киби пикирлерди алып таслай алсаң ҳәм «усығанда шүкир» деп, жайпарахат жасай билсең – онда тосаттан бахытлы болыўың мүмкин.

 

Адамлар дым қызық-аў: бир-бирине жийиркенишли ислерди ислейди, ал кеширимди Қудайдан сорайды...

 

Егерде ҳәр күни бир сааттай жеке раўажланыў менен шуғыллана алсаңыз (китап оқыў, ушырасыўлар, курслар, медитация, ҳәммеге бахыт тилеў…), онда сизде күшли табыс энергиясы пайда бола баслайды ҳәм турмысыңызда унамлы өзгерислер жүз береди.

 

Балалығында перзентиңизге қалай етип қараған болсаңыз, қартайғаныңызда ол да сизге тап сондай етип қарайды.

 

Грек тилинен келип шыққан «Энтузиазм» (күш-ғайрат, умтылыс, талпыныс) сөзиниң мәнисин билесизлер ме? «Эн тео» дегенимиз «Ишимиздеги Қудай» дегенди билдиреди.

 

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар