АРАҚТАН БАС ТАРТЫЎДЫҢ СЕБЕПЛЕРИ

Разатдин МУЎСАТАЕВ
RA-img

 Арақ — бул, кеселликлер, қыянетлер, тәртипсизликлер, ўәс-ўайран болған талантлар, биймәни даў-жәнжеллер ҳәм жарлылық.

Инсанның денсаўлығын аяўсызлық пенен қыйратыўда, барлық тоқымаларын, ағзаларын, ақылын, шахсын бузыўда ҳәм ахыр-ақыбетте оны ерте өлимге гириптар етиўде арақтан өтер зыянкес бул дүньяда табылмас. Бул зәҳәрдиң ҳийле-мәкри соннан ибарат, оны тутыныўдан дөрейтуғын аўыр ақыбетлер дәрҳал көзге тасланбайды, ал кем-кемнен, әсте-ақырын жаныңды алып бара береди.


Авариялардың 50 проценти, өз жанына қастыяншылықлардың үштен бири, аўыз бослығы ҳәм қызылөңеш раклеринен набыт болатуғынлардың 80 проценти усы суйықлықтың кесиринен жүз береди.

Арақхордың мийи киширейип ҳәм қурғап барады екен. Бир стакан арақ ондағы 1000 – 2000 клетканы набыт етеди.

Саламат урпақтың дүньяға келиўи, арақ ишпейтуғынлардыки менен салыстырғанда, 15 есе кем, өлиўшилик 5 есе жоқары, ал аўырыўшылық 3,5 есе көп. Арақ нәрестелерди туўылмасынан бурын-ақ зыянлайды. Мәскүнемликте атағы шыққан шаңарақта ақылы зайыл, раўажланыўдан артта қалған балалар туўылады. Ҳәттеки, өлик болып та дүньяға келиўи итимал. Ишеўик әке — баласының бахтын урлаўшы, мазмунлы өмирден айыратуғын қорқынышлы гәззапдур.

Арақтан инсанның генетикалық коды жәбир тартады — бул демек пүткил урпаққа қәўип дөнип турғанлығын аңлатады.

Арақ — наркотикалық зәҳәр. Ол қандай дозада қабыл етилсе де, организм ушын зыянлы, өйткени, орны толмас қыйралыўларды жүзеге келтиреди.

Жер планетасындағы адамлардың үштен бири — арақтың салдарынан өмирден ерте көз жумады.

Өтә кеткен мәскүнемлердиң «арақтан тула-бойым жеңил тартады, өзимди еркин сеземен» деп айтқанлары барып турған өтирик, өзин-өзи алдаў. Өйткени оны ишкен жағдайда дыққат орайы ләң болып қалады, адамның өзин-өзи қадағалаўы жоғалады. Бундай еркинликти ҳәўес етиў не дәркар!

Мынадай нақыл бар: «Дәрья — жылғадан, ал мәскүнемлик — рюмкадан басланады». Усы гәп үстинде ойланайық.

Шалшық суў қасында, жаман пақса түбинде ес-ҳуўышсыз жатырған мәскүнемнен ҳешким де өрнек алғысы келмейди. Демек, логикалық жақтан ойлап қарағанда, арақхорлардың саны жүдә аз болыўы керек еди. Бирақ, турмыста ондай емес, керисинше, олар көп санлы. Неге бундай? Өйткени, халық ишинде «ара-тура», «мәдениятлы рәўиште» арақ ишип туратуғын тайпалар бар. Адамзаттың басым көпшилиги оларды үлги тутады ҳәм мәскүнемшиликтиң шеңгелине илигеди.

Тәсирли тостлардың зыяны көп. Адамлар буннан соң үлкен энтузиазм қадақ көтереди, қалдырмай ишсе, тилеклери қабыл болатуғындай.

Ишип жүрген адам орташа алғанда 10-15 жыл кем өмир сүреди.

Адамларда алкоголь қайғы-ғамды умыттырады, деген надурыс пикир бар. Ҳақыйқатына келгенде, қайғы-ғам мийде, нерв системасында сақланып қалады. Мәслик тарқағанда қайғы-ғам әўелгиден бес бетер күшейип кетеди. Соның менен бирге, адамның қыйыншылықларға қарсы гүресиў ерки төменлейди, тула-бойында ҳалдан тайғанлық сезиледи.

Арақты ишкеннен кейин сидиктиң бөлип шығарылыўы — диурез күшейеди, көп суў ҳәм дуз организмнен сыртқа шығып кетеди. Адам өзиниң қатты шөллегенин байқайды — минерал суў ишеди, дузланған қыяр-помидор жейди. Улыўма алғанда, организмде зат алмасыў бузылады.

Неге адамлар арақты «спиртли ишимлик» дейди? Бул надурыс-ғой!. Ишимлик болыўы ушын, тап минерал суўындай оның қурамында минераллық затлар ҳәм басқа пайдалы элементлер болыўы тийис. Арақта ондай нәрселер жоқ. Керисинше¸ ол — турысы менен зәҳәр. Соның ушын да оны «алкогольлик зәҳәр»  деген жөн.

Гейде арақтың пайдалы екенлигин тастыйықлаўшы изертлеўлер газета-журналларда жарық көреди. Лекин, бундай мақалалар абырайлы илимий журналларда жәрияланбайды. Өйткени, арақтың пайдасы туўралы мақалалардың спонсоры алкогольлик санаат екинлиги анық.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар