Ер адамлар менен ҳаяллар айтылған бир сөзди ҳәр түрли етип қабыллайды. Гейде бизлер бир сөзди айтсақ, күйеўлеримиз оны улыўма басқаша етип түсинеди. Соның ушын, ҳаял адам ҳәр бир нәрсени өз аты менен атағаны мақул, сонда әдеўир түсинбеўшиликлерден узақласқан боламыз. Демек, ер адамлар менен сөйлескенде қайсы сөзлерди қолланбаў керек? Бүгинги темамыз усы ҳаққында.
Фраза: Мен сиз бенен сөйлесип алыўым керек…
Бул сөз бенен ҳаялы күйеўине оғада әҳмийетли бир мәселе ҳаққында сөйлеспекши екенлигин билдиреди. Күйеўи болса, бул сөзден кейин «Және бир жырды баслайжақ па?» деген ойға барады ҳәм бул темада сөйлеспеў ушын ҳәр қыйлы сылтаў излестире баслайды. Ер адамлар бул сөзден қорқады. Егер сиз күйеўиңиз бенен бир нәрсе ҳаққында мәсләҳәтлеспекши болсаңыз, бул фразаның оларды қорқытпайтуғын, жумсағырақ түрин табың. Мәселен:
Мен сизге бир нәрсе айтпақшы едим!
Маған сизиң мәсләҳәтиңиз керек.
Мына жағдайға мениң басым қатып қалды, маған жәрдем берип жибер!
Фраза: Сен мени жақсы көрмейсең, баҳаламайсаң, қәдирлемейсең…
Бул сөз бенен ҳаял адам күйеўинен итибар ҳәм ғамхорлық күтип атырғанлығын көрсетпекши болады. Ол күйеўиниң «Мен сени жақсы көремен! Сен мен ушын дүньядағы ең гөззал ҳаялсаң!» деп, жубатыўын, кеўилин көтериўин қәлейди.
Бирақ, күйеўи бул сөзди былайынша түсинеди: «Мен оны жақсы көрсем, қәдирлесем, кеўилин көтериў ушын сонша ҳәрекет етсем… Ал, бул солса, ҳеш нәрсени түсинбейди, көрмейди!». Жоқарыдағы фразаны ҳаял күйеўине көп қайталай берсе, күйеўи ол ушын ҳәрекет еткенди қояды. Себеби, бәрибир ол түсинбейди, деп ойлайды. Соның ушын, бул сөзди сәл басқашалаў етип жеткериў керек. Мәселен:
«Мени қушағыңа ал!».
Фраза: Мениң достымның күйеўи мынандай нәтийжелерге ерисипти!
Ҳаял адам «Бул сөз бенен күйеўимди көбирек пул табыўға, бийик шыңларға ерисиўге толқынландырып атырман» деп ойлайды. Ал, күйеўи болса, бул сөзи ушын келиншегин сатқынлықта айыплайды. Ол «Ҳаялым басқа еркекти меннен жақсырақ деп биледи екен, басқа еркеклерге қарайды екен» деген ойға барады. Бундай сөзди еситкен еркек келиншегинен суўып кетеди, жумыс ислеўге де қолы бармай қалады. Бул сөздиң орнына мынандай жол тутыў керек:
Өзиңизге не керек екенлигин билип алың (көйлек, гүл, қандай да бир қымбат баҳалы саўға ямаса тек ғана бирге өткеретуғын ўақыт) ҳәм буны күйеўиңизге туўры барып айтың. Бирақ, гәпиңиздиң арасына сол нәрсени сизге әпергенинде өзиңизди қаншелли бахытлы сезген болатуғыныңыз ҳаққындағы сезимди қосыўды да умытпаң.
Эмоцияны сиз балалардан үйренгениңиз мақул. Сиз балаңыз бенен ойыншықлар сатылатуғын дүкәнға барып көрдиңиз бе? Балаңыз қандай да бир ойыншықты унатып қалса, турған жеринде қатып қалады. Көзлери жайнап, аўызы сәл ашылып, қыймылдамастан тура береди ҳәм бир ўақытта балаңыздан «Ўай-ўооў» деген сес шығады. Сиз балаңызға қарап, бул ойыншықты сатып алып берсеңиз, балаңыздың қаншелли бахытлы болатуғынлығын анық көрип турасыз.
Бул жағдайдан соң, қәлеген ата-ана баласына сол ойыншықты сатып алып бериўге ҳәрекет етеди. Сондай-ақ, бул ойыншықты алып бергенине ата-анасы да баласынан бетер қуўанады.
Ҳаял адам да күйеўине усы тәризде эмоциясын көрсете алыўы керек. Сонда күйеўиңиз сизге саўға алып бергенинен сизден бетер өзи қуўанатуғын болады.
Фраза: Сен маған ҳеш қашан жәрдем бермейсең…
Бул сөз бенен ҳаял адам өзине күйеўиниң жәрдеми оғыры зәрүрлигин билдирмекши болады. Сондай-ақ, егер күйеўи ҳаялына жақын бир ҳәптеликте ямаса бир айлықта қандай да бир жумыста жәрдем бермеген болса да, ҳаял адам күйеўине «Ҳеш қашан жәрдем бермедиң» деп айта береди. Ал, күйеўи болса жақын арада болмаса да, улыўма келиншегине жәрдем бергенлери ядында. Соның ушын да, күйеўинде мынандай ой пайда болады: «Жәрдем бергениңнен миннетдар болмайтуғын, оны сезбейтуғын адамға жәрдем бергеннен не пайда?!».
Буның орнына: «Өтиниш, маған жәрдем берип жибериң…», «Мен бүгин жүдә шаршап турман, өтиниш, жәрдемиңизге мүтәжбен…» десеңиз, ол сизге әлбетте, жәрдем береди.
Қылық көрсетиў: Қапа болыў ҳәм сөйлеспеў…
Ҳаял адам былай ойлайды: «Егер мен қапа болып, сөйлеспей жүрсем, күйеўим мени қай жерде өкпелеткенлигин түсинип жетеди». Ал күйеўиниң болса, ҳаялының бул қылығына ашыўы келеди. Өйткени, ол ҳаялы менен арасында қандай да бир машқаланың пайда болғанлығын билип тур. Бирақ, оны шешейин десе, ҳаялы ҳеш нәрсени айтпайды, түсиндирмейди.
Ҳаялының бундай қылығына көпшилик еркеклер қутырып кетеди. Базы ўақытлары ҳаялынан не болғанлығын сорамақшы болса, ҳаялы суўық етип, былай деп жуўап қайтарады: «Ҳеш нәрсе!!!». Буннан соң күйеўи ямаса қолын бир силтеп кетип қалады, ямаса ҳаялына бақырып, қутырып кетеди (бул күйеўиниң темпераментине бола жүз береди).
Бундай етип күйеўиңиздиң ашыўына тийгенниң орнына, бар машқаланы ашық-айдын айтып, мүнәсибетлериңизге анықлық киргизип алғаныңыз мақул болады.
Фраза: Мен саған айттым-ғой…
Ер адамлардың сүйек-сүйегинен өтип кететуғын бул сөзи менен ҳаяллар оларға да ара-тура қулақ салып, пикирин есапқа алып турғанның шеп болмайтуғынлығын билдирмекши болады. Ал, күйеўи болса, ҳаялының бул сөзин былай түсинеди: «Мен бәрқулла ҳақпан, мениң айтқаным бәрқулла дурыс шығады!».
«Егер мениң ҳаялым барлық нәрсени дурыс ислейтуғын болса, барлығын өзи ислейғойсын» дейди ол. Яғный, бул сөзди еситкеннен кейин, күйеўиниң қолы жумысқа бармай қалады. Себеби, өзиниң алжасқанлығын өзи де билип тур. Ал, ҳаялы болса «Мен саған айттым-ғой…» деп, оның буннан сайын ашыўын келтиреди.
Егер күйеўиңиз ҳақыйқатында да сизиң айтқаныңыздай етип ислеўин қәлесеңиз, оған былай дең:
«Ҳәмме де алжасады, буның зыяны жоқ. Кел, буны мынандай етип ислеп көремиз…».
Ал, ең мақул жолы – егер күйеўиңиз алжасса, оған ҳеш нәрсе демең, өзиңизди «барлығы жақсы»дай етип тутың. Ер адам сизиң бул ҳәрекетиңизди жоқары қәдирлейди ҳәм келеси сапар алжаспаўға умтылады.
Ҳүрметли ҳаяллар, сизлер де күйеўиңиз бенен қарым-қатнаста жоқарыдағы билимлерден пайдаланып көриң ҳәм оның унамлы нәтийжеси сизди көп күттирмейди!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…