УНАМЛЫ ПИКИРЛЕЎ УЗАҚ ӨМИР БАҒЫШЛАЙДЫ

RA-img

Оптимист инсанларға тек ғана ҳәўес етиў мүмкин. Өйткени, олар ҳәр қандай жағдайдан жақсылықты таба алады. Бул сизиң де қолыңыздан келе ме?


Көз алдыңызға келтириң, ерте орныңыздан турып, есикти аштыңыз ҳәм қуяш нурлары түсип турған, түрли гүллердиң жағымлы ийси аңқыған, қуслардың сайрағаны еситилип турған өжиреге кирдиңиз. Бир адам өжиредеги бул әжайыбатлардан ләззетленип атыр. Екиншиси болса қайғыға батып, аўыр дем алып тур. Оның ушын қуслардың сайраўы да, қуяштың нуры да, балалар күлкиси де қуўаныш алып келмейтуғындай. Бул жағдайда сиз өзиңизди қалайынша көз алдыңызға келтиресиз? Егер өзиңизди екинши персонаждың орнына қойған болсаңыз, қыстаўлы түрде көз-қарасларыңызды өзгертиўиңиз керек.

Көтериңки кейпиятқа ерисиў қыйын, ол тек ғана әўметли инсанларға тийисли, деп ойлаў надурыс. Бул жағдайға да үйрениў мүмкин. Буны орынлаў қыйын да емес.

 

БАХЫТҚА ҚАРАЙ ҚӘДЕМЛЕР

Сизге оптимист болыўға жәрдем беретуғын усылларды атап өтпекшимиз.

1.                   Көбирек күлип жүриўге, мыйық тартыўға ҳәрекет етиң. Күлки мийди унамлы өзгерислерге бағдарлаў ушын жәрдем береди. Биз күлген ўақтымызда организмнен унамлы кейпият гормоны, эндорфин ажыралып шығады. Ол стрессти сапластырып, қан тамыр кеселликлерине қарсы гүреседи және жасартыўшы тәсир етеди.

2.                   Көп ўақтыңызды шаңарақ ағзаларыңыз ҳәм досларыңыз бенен өткериўге ҳәрекет етиң.

3.                Санаңызды унамлы тәрепке бағдарлаң. Мәселен, «жумысымның ярымын да бола алмадым»ның орнына «жумысымның ярымын жуўмақладым» сыяқлы.

4.                   Жаңа имканиятларға «Аўа» деп жуўап бериң. Маманлықты арттырыўға байланыслы курсларға қатнаң, шет тиллерин үйрениўге кирисиң ямаса перзентиңиз бенен жаңа шынығыўларды үйрениң.

5.                   Қолдан кеткен имканиятлар ҳаққында емес, ал жаңа имканиятлар есиги ашылыўы ҳаққында ойлаң. Мәселен, жумысыңызтан босаған болсаңыз, бул кеўлиңизге унайтуғын басқа жумыс табыўдың ең қолай мәўрити.

6.                   Ҳәр күни жатардан алдын өткен күниңиздиң қуўанышлы демлерин анализлеўге әдетлениң. Олардың саны кем дегенде бесеўден зыят болыўы керек. Бул сизиң руўхый дүньяңызға унамлы тәсир етеди.

7.                   Сондай-ақ, күн даўамында жүз берген қуўанышлы ўақыяларды күнделикке жазып барсаңыз да болады. Бундай күнделик еки мәрте: оны толтырып атырғаныңызда ҳәм ўақыт өтип, оқығаныңызда сизге қуўаныш бағышлайды.

8.                   Жатардан алдын жақсы нәрселер ҳаққында ойлаң. Бул ойлар тек ғана тез уйқылаўыңызға емес, ал көтериңки кейпият пенен ояныўыңызға да жәрдем береди.

9.                   Қандай да бир транспорт қуралында кетип баратырғанда көзлериңизди жумып, өмириңиздиң ең қуўанышлы демлерин ядыңызға түсириң. Мәселен, теңиз бойында дем алғаныңызды, бағда сейил еткениңизди… Бул жағдай стрессти сапластырады ҳәм сиз унамлы сезимлерден күш аласыз.

Усы шынығыўларды ҳәр күни орынласаңыз, бир айдың өзинде санаңызды көтериңки кейпиятқа сазлайсыз. Сонда барлық нәрселерден жақсылықты излей баслайсыз. «Мен буны ислей аламан» ҳәм «буның имканияты бар», деп ойлайсыз. Егер жағдайды өзгерте алмасңыз, оған болған көз-қарасыңызды, мүнәсибетиңизди өзгертиўге ҳәрекет етиң.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар