Күнниң темасы
- Ассалаўма алейкум, доктор. Сизге көзимди көрсетиўге келдим! Ақырғы ўақытлары жүдә қыйналып кеттим. Асханаға киремен деп, малқораға кирип баратпан. Үйиме киремен деп, қоңсымдикине кирип баратпан. Жақсылап емлемесеңиз болмайды!!!
- Сизди тезирек емлемесе болмайды екен. Ақыры, бул жер БАНК ғой…
*** *** ***
Бир күни түнде Өмирбектиң үйине уры түсипти ҳәм қолға илингендей ҳеш нәрсе таба алмай, тыпыршылап жүрген қусайды. Оны тым-тырыс бақлап жатырған Өмирбек көрпеден басын шығарып:
– Ҳей ахмақ, өзим күнниң барында үйимнен ҳеш нәрсе таба алмайман, сен түнниң ортасында не излеп жүрсең? – депти.
*** *** ***
Студент:
– Папа.
Әкеси:
– Және пул сорайжақсаң ба?
Студент:
– Папа деп айтыўға да болмай ма енди?!
*** *** ***
Студентке әкесинен хат келипти:
«Өзиң сорағандай, жүз мың сум пул жиберип атырман. Дурыс жазыўды үйрен! Жүз мың дегенде бес ноль болады, алты ноль емес».
*** *** ***
– Папа, сизди бир сүйип қойсам бола ма? – деди қызы мектепке кетерден алдын.
– Ақшам жоқ, қызым, мамаң сеннен алдын сүйип болды!
*** *** ***
– Жора, сениң әрманың бар ма?
– Бар.
– Қандай?
– Ишиўди қойыў.
– Онда неге қойып тасламайсаң?
– Кейин әрмансыз қалай жасайман?
*** *** ***
Жоқары оқыў орнында имтихан. Муғаллим студентлерден сорап атыр:
– «5» баҳа ушын сораў: мениң аты-фамилиям қандай?
Ҳәмме тым-тырыс.
– «4» баҳа ушын сораў: қайсы пәннен имтихан тапсырып атырсыз?
Ҳәмме тым-тырыс.
– «3» баҳа ушын сораў: сабақлық муқабасының реңи қандай?
Усы ўақытта артқы тәрептен бир даўыс шықты:
– Бизлерди жығажақ па деймен?!
*** *** ***
Профессор:
– Және таярланбадың ба? Сен «Ендиги семестрде басқа адам боламан» деп ўәде берген едиң, билесең бе?
Студент:
– Мен басқа адам болдым, бирақ ол да ериншек екен.
*** *** ***
– Мен тап адамға уқсайтуғын компьютер жараттым.
– Сонда қай жери адамға уқсайды?
– Егер өзи қәте ислеп қойса, буны басқа компьютерден көреди.
*** *** ***
Еки дос бир-бирине қатынларын мақтап атыр:
– Мениң ҳаялым сондай шебер, шалбарымды жамаса, жамалғаны билинбейди.
– Мениң ҳаялымның да қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ. Шалбарымды жуўса, жуўылғаны билинбейди.
*** *** ***
Ҳаяллардың «Он минутта таяр боламан» дегени еркеклердиң «Он минутта үйде боламан» дегени менен бирдей.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…