ЙОДЛЫ СЕТКАНЫҢ ҚАНДАЙ ПАЙДАСЫ БАР?

RA-img

Кишкене ғана ыдыстағы йод еритпеси ҳәр бир шаңарақтың дәри қутысында табылатуғын шығар. Өйткени, оның ыдысы кишкене болғаны менен жәрдеми әдеўир үлкен. Бүгинги темамыз усы ҳаққында.


Йод жәрдеминде нағыс сызамыз

Йодлы сетканы сызыўдың тийкарғы нәтийжеси сонда, ол дәслеп тери арқалы денемизге кирип барып, қан айланыс системасы бойлап бөлистириледи ҳәм микробларға қырғын келтиреди. Бул процесс йодтың денедеги микроорганизмлер белогын орап алып, кеселликтиң раўажланыўына шек қойыўы менен белгиленеди. Сетка көринисинде териге сызылған өзине тән нағыс микроблар арасындағы өз ара байланысты изден шығарады ҳәм буның нәтийжесинде микроб және инфекциялар ғалабалық тәризде набыт болады.

Буннан тысқары, йодлы сетка сол саладағы капилляр қан тамырларын кеңейтип, қан айланыстың жақсыланыўына унамлы тәсир тийгизеди. Териге сызылған кишкене ғана йодлы сетка бир неше ағзаларды қамтып алатуғын жоқары дем алыў жоллары кеселликлеринде, бронхит, ларингит, трахеит, ангина, зыянланыў, ет созылыўы, мажығыў, ҳәттеки, артрит, артроз ҳәм радикулит кеселликлеринде де нәтийжели жәрдем береди.

 

Унамсыз тәсирлери бар ма?

Бир қарағанда йод зыянсыз болып көриниўи мүмкин, бирақ, сонда да абайлы болған, нормасы менен пайдаланған жөн. Демек, төменде йодлы сетка сызыўдың қағыйдалары менен танысамыз:

– сетка сызыў ушын 5 процентли йод еритпесинен пайдаланың;

– териге йод жағыўдан алдын әпиўайы ғана тест өткерип көриң. Яғный, пахта оралған шөпке йод еритпесин сиңдирип, билегиңиздиң терисине бир сызық сызың ҳәм 15-30 минут күтиң. Себеби, аллергиялық реакциядан ҳеш ким қорғанған емес. Билегиңизде ашыў, қышыў ҳәм қызарыў пайда болмаса, биймәлел йодлы сетканы сызыўыңыз мүмкин;

– териңиз қурғақ болса, йодлы сетканы кешқурын жатардан алдын сызың;

– егер дене температураңыз 38 дәреже ҳәм оннан да жоқары болса, йодлы сеткадан пайдаланбаң;

– бундай йодлы емлеў усылларын тез-тез әмелге асырыўға да болмайды. Ҳәптесине үш иреттен аспасын;

– йодлы сетканың сызықлары параллель, вертикал ҳәм горизонталь сызықлардан ибарат болады. Ҳеш қашан терини қойыў етип бояп тасламаң. Бул жағдайда тери күйип қалады;

– сеткадағы ҳәр бир кетекше 1х1 см болыўы тийис. Бул кеселлик тарқатыўшы бактерияларды жоқ етиўде ең қолайлы аралық есапланады;

– ҳеш қашан жүрек саласына йодлы сетка сызбаң! Бул оғада қәўипли. Сондай-ақ, тери күшли зыянланған ямаса жарақатланған салаға да йод жақпаң.

 

Ҳәмиледарлық дәўирде оннан пайдаланыў мүмкин бе?

Йод элементинде унамсыз тәсирлер ҳәм шеклеўши көрсетпелер аз. Сонлықтан ҳәмиледарлық дәўирде де йодлы сеткадан пайдаланыўға болады. Бирақ, дәслеп шыпакер менен мәсләҳәтлесип көрген мақул. Өйткени, ҳәмиледарлық оғада қурамалы, нәзик дәўир.

 

Денеңизде йод жетерли ме?

Егер сизде йод муғдарының нормада ямаса төмен екенлигин билмекши болсаңыз, саныңыздың ишки тәрепине йод пенен сетка сызың. Егер үш сааттан кейин бул сетка өшип кетсе, қыстаўлы түрде шыпакерге көриниң ҳәм анализ тапсырып көриң. Өйткени, бул жағдай йод жетиспеўшилигинен дәрек береди.

Ал, егер 6 саат өткеннен кейин де йодлы сетканың сызықлары көринип турса, қәўетерлениўге қәжет жоқ. Сизде йод жетиспеўшилиги дәрежеси оншелли жоқары емес. Бирақ, қурамында йод элементи бар өнимлерди тутыныўды тоқтатпаң.

Сизиң организмиңизде йод муғдары нормада болса, териңизге сызылған сызықлар бир суткадан соң өшип кетеди.

 

Қурғақ жөтел қыйнаса

Бунда көкирек саласына сызылған йодлы сетка жақсы пайда бериўи мүмкин. Әсиресе, кеселлик басланған ўақытта сызылған болса, оның нәтийжеси тезирек сезиледи. Йод қан тамырларына кирип, қан айланысын күшейтеди, қыздырады ҳәм тамақтағы қақырықтың түсиўин аңсатластырады. Бул жағдайда йод сеткасы жүрек саласын шетлеп өтип, өкпе ҳәм бронхлардың үстине сызылады. Сондай-ақ, арқа қабырғаңыздың үстинен де еки өкпе жайласқан аймақты шамалап, сетка сызыўыңыз керек.

 

Ангина азап берсе

Бундай жағдайда сетканы мойынға сызыў жақсы нәтийже береди. Әлбетте, бунда да териниң тәсиршеңлигин сынап көриў керек. Оны күнине 2 мәрте, азанда ҳәм кеште әмелге асырыў мақсетке муўапық. Сетканың тәсиринде зыянланған салада қан айланысы жақсыланып, патогенлик микрофлораның белсендилигине шек қойылады. Бунда қалқан тәризли без саласына йод тийиўден сақланыў керек.

 

Аязлаў ҳәўиж алмасын десеңиз

Егер кеселлик енди деп басланған ўақытта оның «қол-аяғын байлаўға» ериссеңиз, аязлаўдың мурын питиўи сыяқлы унамсыз асқыныўларынан қутыласыз. Бунда мурынның еки тәрепине ҳәм жоқарғы бөлимине бир неше йодлы сызықлар тартылады.

Қосымша рәўиште еки аяқтың артқы тәрепиндеги дизениң артынан бираз төмениректеги балтырдың булшық етлерине ҳәм табанға да сетка сызылады. Бул жерде мурынның жумысына тәсир ететуғын ноқатлар жайласқан. Сонлықтан, бул усыл әдеўир жақсы нәтийже береди.

 

Зыянланған жерге муз басың

Булшық етлердиң мажығыўы, тырналыўы күнделикли турмыста ушырасып турады. Бундайда йодлы сеткадан пайдаланбақшы болсаңыз, бир суткадан соң әмелге асырың. Оннан алдын муз бөлегин басып қойсаңыз болады.

 

Балалар ушын йодлы сетка

Әдетте, айырым ата-аналар баласында аязлаўдың дәслепки белгилери пайда болыўы менен йодлы сетка сызады. Бул емлеў усылы олар ушын зыянсыз, деп ойлайды. Бирақ, балалардың ҳәр қандай ағзасына йодлы сетка сызардан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиў талап етиледи.

Еки жасқа шекем болған балалардың терисине йодлы сетканы улыўма сызбаған мақул. Оннан үлкенирек балалардың да аз ғана температурасы жоқары болса, сетка сызыў усыныс етилмейди. 5 жасқа шекемги балаларға йодтың 2,5 процентли еритпесин пайдаланың. Олардың териси ересек адамлардың терисине салыстырғанда әдеўир нәзик болады. 5 жастан үлкенлерине 5 процентли еритпесинен пайдаланыўға болады.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар