Нәресте дүньяға келгеннен кейинги дәслепки қырқ күн – нәресте ушын да, анасы ушын да әдеўир әҳмийетли ҳәм қәўипли. «Қырқынан шықпаған бала жердиң баласы емес» деп те айтады базы апаларымыз. Итибар берип қарасаңыз, қырқынан шықпаған баланың көзи қай жерге қарап турғаны белгисиз болып турады. Ал, қырқынан шығарғаннан соң оның көзинен нур таралып, кәдимгидей жан-жағына көз жуўыртып қарайды, көзинде от пайда болады. Халқымыз қырқынан шықпаған баланы ҳеш жерге шығармаған.
Жас босанған келинин көпти көрген енелер қырқ күн бойы күткен. Әсиресе, туңғыш баласын өмирге алып келген жас анаға айрықша ғамхорлық еткен. Нәрестениң дени саў болып өсиўи усы жас ананы қырқ күн әлпешлеп күтиў менен тиккелей байланыслы. Бәринен бурын, жас босанған ананың омыраўын суўық тийиўден сақлаўды ойлаған апаларымыз оларға жүн орамал байлатып, барынша жыллы услаған. Бүгинги күнде ҳаялларымыз арасында бел аўырыўы көбейип кеткенлигиниң бир ушы дурыс күтинбегенликте жатыр.
Дүньяға перзент алып келген ананың он еки мүшеси, барлық буўыны босасып, пүткил организминде өзгерис болады. Сонлықтан, олар өзлерин бәрқулла жыллы услап, суўықтан сақланыўы тийис. Өйткени, иммунитети ҳәлсирегенликтен, ол сыртқы тәсирлерге шыдамсыз болып қалады. Буны билген бурынғы апаларымыз жас келинниң күш-ғайраты тикленемен дегенше оның денсаўлығына көп итибар қаратқан. Қырқ күн бойы гүбиниң сары майын жегизген, арнаўлы аўқатлар писирип берген.
Тийкарында, ҳаял босанғаннан кейин оның қаны тазарады, дейди. Ҳаял қырқының ишинде қаншелли көп терлесе, оның менен бирге организминдеги патаслықлар да сыртқа шығып кетеди екен. Базы бир келиншеклердиң бетиндеги қара дақты көрген апаларымыздың «Тери қатып қалыпты» деп айтатуғынлығы соннан. Бурын қырқ күн бойы жас босанған ананың қолын суўық суўға салғызбаған. «Тиске суўық тийеди», «тиси түсип қалады» деп суўық суў, салқын ишимлик ишкизбеген. Сол сыяқлы, даладағы жумысларға да араластырмаған. Келин аман-есен босанғаннан соң енеси жақсы орамал менен белин мықлап байлап таслаған. Сол арқалы тоғыз ай даўамында созылған қурсақтың қайта қәлпине келиўин тәмийинлеген ҳәм бөтекесин аязлаўдан сақлаған. Соның ушын да, апа-әжелеримиз 7-8 перзентти дүньяға келтирсе де, сын-сымбатын бузбай, денсаўлықтан айырылмай, узақ өмир сүрген.
Жас босанған келинниң аяғына бурынлары өзлери ушын арнап тоқылған, дизесине шекем келетуғын жүн шулық кийгизип қоятуғын болған. Усындай күтим арқалы ҳаялдың буўын аўырыўларына жолықпаўын ойлап, алдын алған. Оның шашы түспеўи ушын, шашын тастай етип өрип таслайтуғын болған. Және бир айрықша атап өтетуғын нәрсе – босанған ананың бетиндеги даққа байланыслы. Көпти көрген енелер «бөпең сүтке тойып болғаннан соң, соңғы қалған сүтиңди бетиңе сүрт» деп келинниң бетинде дақ қалмаўын да ойлаған. Босанған ананың бир түлеп, жасарып, сулыўланыўына, бириншиден, гүбиниң майының пайдасы тийсе, екиншиден, баласынан қалған сүтти бетине жаққанының тәсири мол болған. Усының барлығы – түп-тийкарын айтқанда, өмирге жаңа келген перзент ушын исленетуғын ғамхорлық. Ананың дени саў, күш-қуўаты мол болса, бала да дени саў болып, аман-есен ер жетеди. Әсиресе, туңғыш баласын босанған ананы қырқ күнге дейин қол-аяғын қыймылдатпай күтсе, келеси балаларында жай-жағдайды өзи де билетуғын болады. Тунғышын дүньяға келтирерде жас ана ушын барлығы жумбақ болып түйиледи. Соның ушын да, бурынғы ўақытлары енеси, киндик шешеси ҳәм абысынлары оларға бәрқулла жәрдемши болып келген.
Халқымыз арасында айтылатуғын «Тезек терип жүрип босанып қалып, баласының киндигин тиси менен қыятуғын» аналар – усындай күтимди көрген, денсаўлықлары мықлы бизиң халқымыз ҳаяллары болып есапланады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…