Басқа халықлар киби, бизиң халқымыз да қызларының қулағын тесип, сырға салыўға да үлкен итибар қаратқан. Қулағында сыңғырлаған сырғасы бар қызлар басқаша сулыў көринеди. Сырға таққан қызларға арнап шайырлар қосық жазса, бақсылар сол қосықларды намаға салып жырлаған.
Сиз не себептен қыздың қулағын тесетуғынлығына итибар берип көрдиңиз бе? Улыўма, халқымыз қызларының қулағын неше жаста тескен? Қулақ тесип, сырға тағыўдың қандай мәнисы бар?
Жети саны – қәсийетли санның бири. Қыздың қулағын көп жағдайда тек жети жасынан баслап тескен. Тулымшағы желбиреген кишкене ғана қыз жети жасқа шекем қуўыршақ ойнаған болса, қулағы тесилгеннен соң оның минез-қулқы бирден өзгереди. Усыннан баслап «Сен енди сырғалы қыз болдың», «сырға таққаннан соң қыз қатарына қосылдың, енди саған қуўыршақ ойнаў жараспайды, үй жумысларын ислеўди үйрен» деп оның қулағына сиңдирип келген. Солай етип, бул қызлар қуўыршақтың орнына қолына ийне-сабақ алып, кесте тигиўди ҳәм басқа да өнерлерди үйренген. Жети жасынан баслап жеңгелери оған қазан-ошақтың сырын, апа-әжелери торақ ислеўди, қурақ қураўды үйретип барған.
Қыз баланың қулағын тек ғана сулыўлық ушын теспейди. Бул да тәрбияның бир түри. Буны қыз баланың ертеңги күни келин болыўға таярлаўдың дәслепки басқышы, деп айтыўға да болады. Сырғалы қыз, жоқарыда атап өткенимиздей, әсте-ақырынлық пенен үй жумысларына араласа баслайды. Ул баланы сүннет еткен сыяқлы, қыздың қулағын тесиў де ата-ананың перзенти алдындағы парызы.
Жети жастан баслап қулақ тескенниң және бир тәрепи бар. Өйткени, еси енген қыз 4-5 жасынан баслап усы күнди асығып күтеди, үлкен қызлардың қатарына қосылғысы келеди. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта мақтаншақлық деймиз бе, жарыспақлық деймиз бе, билмедим, ҳәттеки, бир жасар қыздың да қулағын тестирип, алтын сырға тағыў дәстүрге айланып бармақта. Буның не кереги бар? Кип-кишкене нәрестени шырқыратып не пайда табамыз? Жети жасқа шекем қуўыршағын ойнап жүре берсин. Бундай ата-аналар сырғаны тек ғана гөззаллық ушын тағады, деп түсинеди.
Халқымыздың ҳеш бир үрип-әдети тийкарсыз емес. Барлығынаң да астарында үлкен мәни бар. Ҳәр нәрсени өз жолы, ўақты менен ислеген мақул.
Қулақты қалай тескен?
Бурынлары кемпир апаларымыз қулақ тесерде ең дәслеп сырғалығының еки тәрепинен еки тарыны сәйкеслендирип қойып, жақсылап уўқалаған. Соннан кейин ғана отқа қыздырылып тазаланған ийне менен тескен. Әййемде қулақты тескеннен соң бирден сырға салмай, ийттиң жүнинен шыйратылып исленген жипти өткерип қоятуғын болған. Өйткени, ата-бабаларымыз ийт жүниниң белгили бир қәсийетлерин билген. Оның қулақты ириңлеўден, исиниўден сақлайтуғын қәсийети бар, деп айтады. Ал базылар болса, шайдың шөбин өткеретуғын болған. Бул да қәсийетли шөп екенлиги бәршеге белгили болса керек. Шайдың да қулақты қызартпайтуғын, исирмейтуғын шыпалы тәрепи бар.
Соңынан еки-үш күн даўамында жаңағы шөп ямаса ийттиң жүнинен исленген жипти жылжытып, қозғап турған ҳәм қулақтын жарасы тез жазылып кеткен. Қулақ тәўир болғаннан кейин апаларымыз қызға гүмистен исленген сырғаны таққанды мақул көрген. Гүмис – оғада таза ҳәм шыпалы қәсийети бар металл. Гүмис сырға таққан баланың қулағы ҳеш қашан асқынып кетпеген, аўырмаған. Сондай-ақ, қулақ гүмиске үйренгеннен кейин алтынға да тез бейимлеседи.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…