ТИСЛЕР ҚЫЙСЫҚ БОЛСА НЕ ИСЛЕЎ КЕРЕК?

Венера Еримбетова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының стоматолог шыпакери
RA-img

«Балалық ўақтымнан баслап тислерим қыйсық өскен. Буннан тысқары, төмендеги еки жақ тисимди де алдырып тасладым. Мине, арадан бир неше жыл өтип, алдыңғы тислеримниң арасы ашылып қалды. Жақында стоматологқа көринсем, брекет тағыўды мәсләҳәт берди. Бул нәрсе ҳақыйқатында да тислеримди алдыңғы қәлпине келтире ала ма? Маған усы бағдарда мәсләҳәт берсеңиз… »

Меҳрибан, Нөкис қаласы  


Бул кеселлик емес

Тислери қыйсық, алдыға бөртип шығып турғаны ушын күлиўге тартынатуғын инсанларды бәршемиз де ушыратқан болсақ керек. Бул кеселлик емес, ал тис қатарларының бузылыўы есапланады. Ҳәзирги күнде бундай машқаланы сапластырыўдың илажы бар, әлбетте. Бирақ, егер оны өз ўақтында сапластырмасаңыз, тистеги қыйсықлық ақыбетинде аўқат надурыс тисленеди ҳәм шайналады. Бул болса, өз-гезегинде, асқазан-ишек системасына кери тәсир етеди. Тислердиң қыйсық жайласыўы соңын ала аўыз қуўыслығы кеселликлерине, тис етиниң наўқасланыўына да алып келеди.

 

Кемшиликти сапластырамыз

Тислердиң қыйсық өсиўи бақланғанда ортодонтикалық емлеў усыллары әмелге асырылыўы керек. Буның ушын ортодонт-шыпакер ҳәр бир адамға өз алдына тиске тағып қойыўға арналған шешилетуғын ҳәм шешилмейтуғын үскенелерди қолланады. Шешилетуғын (тренер) түри 3 жастан 6 жасқа шекем болған балаларға арналған, олар тислерди 100 процент тегислемейди. Тислер толығы менен шығып болғаннан кейин, еки жылға шекем шешилмейтуғын арнаўлы брекет системасы қолланылады.

 

Брекет дегенимиз не?

Брекет – тислердиң надурыс жайласыўын жөнлеў ушын тағылатуғын металл үскене. Ол стоматологиялық желим жәрдеминде тислерге ишки ҳәм үстинги тәрептен жабыстырылады. Брекет тистеги қыйсықлық ҳәм олар арасындағы ашықлықты сапластырыўда нәтийжели қурал есапланады. Брекетлерди 11-12 жастан баслап қойыўға руқсат етилген. Бул үскене менен тислерди емлеў 1-3 жыл даўамында стоматологтың турақлы қадағалаўы астында алып барылады. Емлениў дәўиринде дерлик ҳәр ай стоматолог қабыллаўына барып турыў шәрт.

 

Брекеттиң түрлери

1. Металл брекетлер қойылған биринши ҳәптеде аз ғана қолайсызлықлар, жеңил аўырыў, сөйлеўде бираз қыйналыў жағдайлары сезиледи. Көпшилик адамлар тисине металл үскене тағыўды қәлемейди. Себеби, ол сырттан қарағанда да қолайсыз көринеди. Сонлықтан, базылар металл брекетти тисиниң ишки тәрепинен тақтырады.

2. Керамикалық брекетлердиң реңи тистиң реңи менен уйғын болғаны ушын металл брекет сыяқлы көзге тасланбайды. Бирақ, оны металлдан исленгенине қарағанда узағырақ ўақыт тағып жүриўге туўра келеди. Сондай-ақ, керамикалық брекеттиң сынып қалыў қәўпи де жоқары. Сонлықтан, абайлы болыў талап етиледи.

3. Айырым адамлар сөйлегенде де, күлгенде де брекеттиң улыўма көринбеўин қәлейди. Бундайларға арнаўлы лингвал брекетлер жәрдем береди.

 

Брекет қойдырған ўақытта аўырыўы қандай болады?

Жоқарыда атап өткенимиздей, биринши ҳәптеде аз ғана қолайсызлықлар, аўырыў сезилиўи мүмкин. Аўырыў брекетти орнатқаннан 3-4 саат өткеннен кейин бақланады. Аўыз қуўыслығы оған бир ҳәптеде үйрениседи ҳәм аўырыў да қалып кетеди. Базы жағдайда емлеў ушын шыпакер тислерди алып таслаў кереклигин айтады. Бунда қәўетерлениўге қажет жоқ. Себеби, қалған тислерди бир қатар етип тегислеў ушын ҳәдден тыс қыйсайып кеткенин алыў керек.

Брекет қойдырыў ушын бизге тийкарынан жас өспиримлер мүрәжат етеди. Өйткени, олар қыйсық тислеринен көбирек уялады. Тийкарында, брекетти 11-12 жаста қойдырса, тистиң тегислениўи анағурлым аңсат болады. Егер тислериңиз ҳәмийше шырайлы, бир тегис ҳәм саламат болыўын қәлесеңиз, олардың жағдайынан хабардар болып турың, шыпакер көригинен өтип турыўды да умытпаң.

Еслетпе: брекет тақтырғаннан кейин турақлы рәўиште қәниге көригинен өтип турыў лазым. Керисинше жағдайда емлеў усылы күтилген нәтийжени бермеўи ямаса аўыр асқыныўларға алып келиўи мүмкин. Сондай-ақ, олар тислердиң тазалығына да айрықша итибар қаратыўы шәрт.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар