СОБЫҚЛЫ ӨСИМЛИКЛЕРДИҢ ӘЖАЙЫП ҚӘСИЙЕТЛЕРИ

RA-img

Собықлы өсимликлер Шығыс халықларының тағамнамасында жоқары орын ийелейди. Мәш, горох, лобыя ҳәм мәкке дерлик ҳәр күни тағамларымызға қайталанбас дәм береди. Олар денсаўлық ушын оғада пайдалы болып, инсанның иммунитетин беккемлейди.


ГӨШ ЖЕМЕСЕҢИЗ, МӘШ ЖЕҢ!

Қурамында белок ҳәм темир көп болғанлығы себепли вегетарианлар мәшли аўқатларды жақсы көрип тутынады. Мәш ас сиңириўди жақсылайды, ишеклерди тазалайды, бөтекениң жумысын хошаметлендиреди. Фосфорға бай болғанлықтан еслеў қәбилетин беккемлеў, нервти тынышландырыў, стрессти сапластырыў ҳәм көз нурын жақсылаўға жәрдем береди. Мәштен астма ҳәм артритти емлеўде қолланылады, себеби ол сүйеклерди беккемлейди.

Мәш – энергия дәреги, ол жүрек, қан тамыр жумысына унамлы тәсир көрсетип, артериаллық қан басымын түсиреди, қандағы холестеринниң муғдарын азайтады. Мәш сидик айдаў қәсийетине де ийе. Иш бузылғанда, түрли зәҳәрлениўлер, мәселен, замаррықтан зәҳәрленгенде мәшли тағамларды көп тутыныў керек. Себеби мәш антиоксидант ҳәм антисептикалық өним болып табылады. Мәшли тағамларды сүйип тутынатуғынлардың териси саламат, жумсақ, әжимлерсиз болады. Мәш ҳаяллардың организмин түрли кеселликлерден қорғайды. Көкирек бези рагине жолыққанда, етек келиў ҳам климакс дәўиринде жеңиллик береди.

 

ГОРОХ – ГӨЗЗАЛЛЫҚ БАҒЫШЛАЙДЫ

Ол собықлы өсимликлер ишинде ең әййемгиси. Горох белок ҳәм углеводқа, витамин ҳәм минералларға оғада бай. Онколог, кардиолог, стоматолог, неврологлар наўқасларына горохлы тағамларды шеклемейди, керисинше, усыныс етеди. Себеби, турақлы рәўиште горохлы тағам ҳәм салатларды тутынған адамда рак, атеросклероз, гипертония, инфарктке жолығыў қәўпи азайып бара береди. Горох организмге сиңип, қан айланысын ҳәм зат алмасыўын жақсылайды. Тислерди беккемлейди. Бөтеке ҳәм баўырдың жумысын жолға салады. Көк горох антисептикалық қурал ўазыйпасын атқарады, қуртлардан қутқарады. Оннан косметологияда да пайдаланады. Себеби, горохта «гөззаллық витамини» болған Витамин Н бар. Горох пюреси бетке жағылса, тери ағарады, сепкил, безеў ҳәм пигмент дағлар жоғалады. Бул өним жас балалар ушын айрықша пайдалы. Ол жақсы өсиўди тәмийинлейди, иштейди ашады, еслеў қәбилетин беккемлеўге жәрдем береди. Жасы үлкенлер ушын болса тиамин элементине бай екенлиги менен пайдалы. Себеби ол қартайыў процесин кешиктиреди. Тис ҳәм тис ети аўырғанда горох қайнатылған суўға пал қосып аўызды шайыў керек.

 

ЛОБЫЯ НЕРВТИ ТЫНЫШЛАНДЫРАДЫ

Лобыяның қурамында крахмал, углевод, белок, С, РР, В топары витаминлери, цинк, калий, темир элементлери бар. Бул тәрептен ол гөш ҳәм теңиз өнимлерине жақын. Лобыя сидик айдаўшы ҳәм микробларға қарсы гүресиўши қурал. Сонлықтан баўыр, бөтеке, өт қалта, сидик жолы кеселликлери, ишек инфекциялары, қантлы диабет, гипертония, туберкулёз, ревматизм, подагра ҳәм кемқанлықта пайдалы. Лобыя реңине қарап ҳәр түрли қәсийетке ийе. Мәселен, ақ лобыя көкирек ҳәм өкпедеги аўырыўларды қалдырып, организмде дуз балансын нормаға келтиреди. Қызыл лобыя болса темирге бай болып, қандағы гемоглобинниң муғдарын арттырады. Лобыя нерв системасына унамлы тәсир көрсетип, адамды тынышландырады. Бул өнимнен тағам таярлаўда пайдаланып, турақлы тутынып турыў тис кеселликлеринен қорғайды. Лобыя ас сиңириўди, зат алмасыўын жақсылайды. Лобыя пюреси өсимлик майы ҳәм лимон суўы менен араластырылып, бетке жағылса, терини жасартады.

 

АЛТЫНДАЙ ҚЫМБАТЛЫ

Мәккеде кальций, темир, магний, фосфор, йод, D, Е, С, В витаминлери көп муғдарда болады. Қәнигелер ең керекли дәнлер үшлигине гүриш ҳәм бийдайдан кейинги орынға мәккени киргизген.

Себеби, мәкке көз нурын жақсылайды, еслеў қәбилетин беккемлейди, ҳаялларда ушырасатуғын кеселликлерди емлейди, холестеринди қуўып шығарады, иш қатыўын сапластырады. Нефрит, гепатит, холецистит, эпилепсия, подагра сыяқлы кеселликлерге жолыққанлар диета сақлағанда мәккени шеклемесе де болады. Мәккедеги керекли витаминлерди сақлап қалыў ушын оны нормадан артық қайнатпаў керек.

Бирақ, айырым себеплерге бола, бул өнимлерди тутыныўда да шеклеўлер бар. Олар ишеклерде газдиң жыйналыўына ҳәм буның ақыбетинде қарынның желлесиўине алып келиўи мүмкин. Усыны есапқа алып, собықлы дәнлерден таярланған тағам ямаса салатларға көк шөплер қосылса, қарынның желлесиўине қарсы гүреседи. Собықлы өнимлерден таярланған тағамларды тутынғаннан соң, дәрриў муздай суў ишпең, бундай жағдайда ас сиңириўде машқала келип шығыў итималы бар. Сондай-ақ, аллергиялық өзгерислер ўақтында собықлы өнимлерди ўақтынша тутынбаған мақул.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар