30 жастан кейин…
Қант ҳәм алкогольди азайтыў
Батыс еллеринде, өмир 30 жастан баслап ғана күшке кирип баслайды деп есапланады. Бир жағынан бул дурыс. Әйне усы жасқа келип көпшилигимиз жумыста өзимизди таўамыз, шаңарақ қурамыз, өз үйимизге, машинамызға ийе боламыз. Усы нәрселердиң барлығын үлгериў ушын шыр гөбелек айланыўға мәжбүр боламыз. Нәтийжеде үйдеги тыныш биймәлел түсликлердиң орнын пластмасса стаканлардағы кофе, газланған ишимликлер, майлы пирожкилер, гамбургерлер ҳәм шоколадлар, улыўма айтқанда – көп көлемдеги қант және майлар басады.
Қандағы глюкоза дәрежесиниң кескин көтерилиўи, сизиң иммунитет системаңыздың хызметин шама менен 3 саатқа бузады. Иммунитетти бир ўақыттың өзинде 30 процентке пәсейтип жибериў ушын бир стакан газли суўдың өзи жетерли: иммунитет системаның бираз клеткалары, организмдеги инфекцияны таўып, оны жоқ етиў уқыбын жойтады.
Иммунитеттиң және бир «душпаны» – бул алкоголь, дейди сол шыпакерлер. 30 жастан кейин, жумыс ислеўши адамда, «дем алыс күни алкоголизми»не душар болыў қәўипи жүдә жоқары болады: бес күнлик жумыс ҳәптесиниң ақырында, биз, дем алып жазылысайық деп ресторанға ямаса кафеге барамыз, үйге бир шийше вино алып қайтамыз, дослар менен пиво ишемиз – солай етип бул нәрселер әдетке айланады. Лекин, спиртли ишимликтиң ҳәр бир граммы, организмниң инфекциялар менен гүресетуғын клеткаларын ислеп шығарыў уқыбын пәсейтеди.
Спиртли ишимлик яки ширели нәрселердиң кери тәсирин азайтыў ушын, илимпазлар оларды тутыныўды азайтыў менен бирге, асқазан ушын пайдалы бактериялардың дереги есапланған көплеген пайдалы палызларды, овсянканы, гречканы ҳ.т.б. тутыныўды мәсләҳат етеди. Дурыс бактериялық теңликти сақлаў, ас сиңириў системасы арқалы ҳәр түрли инфекцияларды сиңириўге кесент етеди.
Дурыс дене тәрбиясы
Аўыр физикалық шынығыўлар сизиң азыўыңызға жәрдем береди, лекин иммунитетти, керисинше, түсириўи мүмкин. Нью-йорк емлеўханасының шыпакери Ленокс Хиллдың айтыўы бойынша иммунитет системасын дене тәрбиясы менен орташа шуғылланыў жәрдеминде беккемлеў мүмкин – аз-аздан, бирақ турақлы түрде. Турақлы түрдеги шынығыў иммунитет клеткаларын дерлик ҳәрекетке салады, қан айланысын да тезирек ҳәрекетлениўге мәжбүрлейди, бул болса өз-гезегинде бактерия ҳәм вируслардың көринбей қалыў мүмкиншилигин азайтады. Саламатландырыў шынығыўларының ең жақсы формуласы төмендегише: ҳәптесине 3 мәрте 20 минут жеңил жуўырыў, 15-30 минут күш жумсалатуғын шынығыў ислеў.
40 жастан кейин…
Уйқыдан кешпең
Узақ шаршататуғын күннен кейин, телевизордың алдында созылып алыўды яки төсекте жатып китап оқыўды ямаса интернетте отырыўды ким жақсы көрмейди дейсиз? Yй тазалаўдан, аўқат таярлаўдан, офистеги жүгире-жүгирден, балаға қараўдан шаршағаныңызды шығарыўды қәлеўиңиз турған гәп. Лекин сиз ҳақыйқатында да организмиңиздиң дем алыўын қәлесеңиз, ең жақсысы уйқылап алың.
Уйқы – бул иммунитеттиң нормаль ислеўи ушын керек болған қайта тиклеўши процесс, – дейди Мичиган институтының изертлеўшиси доктор Марк Мойад. – Сизиң иммунитет системаңызды сәл күшейтиў ушын ярым сааттан бир саатқа дейинги қосымша уйқының өзи жетерли.
Ең әҳмийетлиси, егер уйқыға тартып атырғанын сезсеңиз, өзиңиз бенен гүреспең. Бул организмиңиз усы жол менен сизге, маған сәл дем алыс керек деп айтқаны – жақсы көрген киноңызды кейин көрсеңиз де болады.
Дем алып үйрениң
40-45 жас – өмирдиң ең стрессли дәўири. Жумыстағы машқалалар, ер жетип атырған перзентлер менен келиспеўшиликлер, «орта жастың» психологиялық шегарасы – усылардың барлығы үсти-үстине жыйналады, ақыбетинде сиз бәрқулла эмоционналлық күшениў жағдайында боласыз. Стресс сизди тек ғана руўхый жағынан емес, ал физикалық жағынан да шаршатады, буның ақыбетинде иммунитет системаңыз дурыс ислемей ҳәм вирус және бактерияларды жақсы сезбей қалады.
Соның ушын дем алыўға ўақыт әлбетте ажыратыў керек – жоқ дегенде ҳәр 3 саатта 15-20 минут. Мәселен, жумыста нәзериңизди компьютер ҳәм телефонлардан алып чай ишип алыўыңыз яки далаға шығып таза ҳаўа менен дем алып келиўиңиз мүмкин ямаса, егер мүмкиншилиги болса креслоңызда сәл жатыңқырап көзиңизди жумып алыўыңыз мүмкин. Батыс еллериниң көплеген компанияларында бундай тәнепистиң пайдасын әлле қашан түсинген ҳәм хызметкерлер ушын арнаўлы релакс-ханалар шөлкемлестирген. Бул тек дем алыў емес, ал ҳәттеки азғантай ўақыт мызғып алыўға да болатуғын қолайлы креслолар орнатылған жүдә үлкен емес қараңғы ханалар.
Лекин есиңизде сақлаң: егер сиз жумыстан нәзериңизди алып, қандай да бир интернет-сайтқа яки басқа компьютер ойынларына нәзериңизди аўдарсаңыз, сиз өзиңизди тек алдайсыз. Егер сиз бирден почтаңызды тексергиңиз, телеграммға яки фейсбукке киргиңиз келип қалса – мий сол пәти менен ислей береди, керек болса күшлирек ислейди. Психологлардың айтыўынша, техника және байланыс қуралларының жүдә көп болыўы бизиң психикаға үлкен басым өткереди ҳәм информация менен ҳәдден тыс толтырып таслайды, бул жағдай болса созылмалы стрессты алып келеди.
50 жастан кейин…
Сыр антиоксидантларда
Бул жаста бизиң улыўма саламатлығымыз ҳәлсизленип баслайды – түрли кеселликлердиң қәўипи бир неше мәрте өседи. Әсиресе, бул етеги келиўдиң иркилиске түскен дәўирине кирген ҳаялларға тийисли: организмдеги эстрогенлердиң дәрежеси кескин түсип кетеди ҳәм оған ғәрезли көплеген системалардың ўазыйпасы ҳәлсизленеди.
Калифорния Университетиниң (АҚШ) илимпазлары бул дәўирде организмниң тәбийий қорғаныўын күшейтиў ушын, аўқатланыў рационына мүмкиншилиги барынша көп антиоксидантқа ийе азық-аўқатларды киритиўди мәсләҳат етеди. Америкалылардың изертлеўлерине бола, кабачки, брокколи ҳәм ақ капуста иммунитетке айрықша жақсы тәсир көрсетеди екен, олар жүдә көп пайдалы нәрселерден тысқары ракқа қарсы элементлерге де ийе екен. Антиоксидантларға көплеген жемислер, мийўелер бай, әсиресе жүзимде көп.
Өз мақсетиңизди таўың
Лос-Анджелесдеги (АҚШ) Каролина Университети илимпазларының изертлеўлерине бола, өмирде узақ мүддетли режелери бар адамлар, тек бүгинги күнди ойлайтуғын адамлардан көбирек жасайды. Оннан тысқары, илимий тәжрийбелер, адам ири нәрсени сатып алыў яки бир жерге дем алысқа барыўды әрман еткенинде ҳәм сол әрманының орынланыўын узақ ўақыт күткенинде, оның иммунитет системасы әдеттегиден тезирек және жақсырақ ислейтуғынын көрсеткен. Жаңалықты ашқанлардың өзлери бундай байланыс неден келип шыққанын анық билмейди, лекин, алдына қойылған әрманның бар болыўы ҳәм оған умтылыў, адамға стресс пенен гүресиўге жәрдем береди деп ойлайды. Улыўма айтқанда, көп жылларға әрман етиўден уялмаң, сонда сизиң көп өмир сүриў мүмкиншилигиңиз өседи.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…