ТЫНЫШ УЙҚЫНЫҢ 7 ДУШПАНЫ

RA-img

КҮН ТӘРТИБИНЕ ӘМЕЛ ЕТПЕЎ

Гейде кешки саат 11 де, гейде түнги саат 2 де жатасыз ба? Демек, сиздеги уйқысызлыққа мине усы нәрсе себепши. Ҳәр күни бир ўақытта уйқыға жатыўға әдетлениң. Изертлеўлер соны көрсетеди – саат түнги 10 ға шекем уйқыға кететуғынлардың уйқысы пүтин болады.


ДЕМ АЛЫС КҮНЛЕРИ КӨП УЙҚЫЛАЎ

Дем алыс күнлери көпшилик орнынан турғысы келмейди – бир ҳәптелик уйқы планды орынлап таслаўға ҳәрекет етеди. Бирақ, ҳәдден тыс көп уйқылаў бас аўырыўы ҳәм ҳәлсизлик сезиминиң пайда болыўына тийкар жаратады. Бир күнде бир ҳәптелик уйқы планды орынлап таслаўдың илажы жоқ. Сол себепли, ҳәмийше күн тәртибине әмел етиң.

 

ЖАТАРҒА ШЕКЕМ ЖУМЫС ИСЛЕЎ

Және бир зыянлы әдет – ярым түнге шекем жумыс ислеў. Бундай жағдайдан кейин тыныш уйқылай алмайсыз, жумыс ҳаққында ойлай бересиз. Сондай-ақ, кешқурын спортзалға қатнаў да усыныс етилмейди. Бундай жағдайда ақылый емес, ал физикалық белсендилик сизди уйқылатпайды. Тек ғана сейил етип жүриўге ҳеш қандай қарсы көрсетпе жоқ. Бул нәрсе, ҳәттеки, пайдалы да. Ол сизиң нерв системаңызды тынышландырып, стресстен қутылыўыңызға жәрдем береди.

 

КҮНДИЗГИ УЙҚЫ

Тийкарында, күндиз ярым саат уйқылап алғанның зыяны жоқ. Себеби, бунда мийдиң белсендилиги бир неше есе артады. Бирақ, күндиз 20-30 минуттан артық уйқылаў организмге зыян. Бундай уйқыдан кейин адамда ҳәлсизлик болады.

 

ТЕЛЕВИЗОР ЖАНЫҚ ҚАЛСА…

Егер сиз тәртипли рәўиште саат түнги 11 де уйқыға жатсаңыз, бирақ буннан алдын компьютер ойнасаңыз, телевизор көрсеңиз, тез уйқылап қаламан деп ойламаң. Буның улыўма илажы жоқ. Соның ушын да, шыпакерлер уйқылардан 1 саат алдын барлық электр үскенелерин өшириўди усыныс етеди. Егер телевизор көрип отырып уйқылап қалсаңыз, экраннан таралып атырған нур мийиңизге, ҳәттеки, уйқы даўамында да тәсир етеди.

 

ӨЖИРЕДЕГИ ЖАҚТЫЛЫҚ

Жатардан 1-2 саат алдын организмниң түнги режимге өтиўи, бейимлесиўи ушын жақтылықты азайтыў керек. Түнде жарқын, аппақ нурдан сақланған мақул (ол адамның уйқысын ашып жибереди). Илажы барынша қараңғы өжиреде уйқылаған жақсы. Түнде сырттан жақтылық түспеўи ушын перделерди жабыўды да умытпаң.

 

НАДУРЫС АЎҚАТЛАНЫЎ

Егер ҳәдден тыс аш болып ямаса, керисинше, ҳәдден тыс тойып уйқыға жатсаңыз, уйқыңыз тыныш болмайды. Тийкарында, уйқылаўдан 3 саат алдын аўқатланған мақул. Кешки аўқатқа майлы, қуўырылған, сиңиўи қыйын аўқатларды жемең. Бул денсаўлық ушын оғада зыянлы. Сондай-ақ, кофе, ашшы чай, газлы ишимликлерден де жатардан алдын өзиңизди тыйғаныңыз мақул. Себеби, олар да тыныш уйқылаўыңызға кесент етеди.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар