Сораў: Өт қалтам алып тасланғанына 3 ай болды. Айтыңшы, өт қалтасы деген не? Ол қандай ўазыйпаларды орынлайды? Бундай аўҳалдағы адам үй шараятында нелерге итибар қаратыўы керек? Жеўге оған қандай өнимлер усынылады?
Жуўап: – Өт қалтасы иши геўек ағза болып, қарында баўыр астында жайласқан. Оның сыйымлылығы 50-70 мл болып, формасы алмуртты еслетеди. Ол баўырдың ислеп шығаратуғын өт суйықлығы ушын резервуар есапланып, аўқатланыў ўақтында өт суйықлығын он еки бармақ ишекке айдап бериў ўазыйпасын орынлайды. Өт суйықлығы майда еригиш витаминлер, холестерин, аминокислоталар, кальций дузлары, майлардың сиңиўи ҳәм сорылыўында қатнасады.
Кеселлик не себепли келип шығады?
Өт қалтасы кеселликлери көбинесе шала-шарпы аўқатланыў, аўқат рационында майлы өнимлер көплиги, аўқатланғаннан соң кем ҳәрекетлилик, өт суйықлығының демлениўи ҳәм екилемши инфекция (өт жыйналғаннан соң қалтаның дийўаллары тырысады ҳәм қан айланыў бузылады, нәтийжеде организмдеги инфекциялар исиниў пайда етеди) тәсиринде келип шығады.
Психосоматика билимлеринде өт қалтасы туўралы не делинген?
Өттиң дәми ашшы болады, ол бизиң ишимизде ашшылықтың жыйналыўы, ғәзеп, ренжиў ҳәм ашыў сезимлерин кеширип атырғанымызды билдиреди. Өт қалтасының машқалалары бизиң нервимизди шығаратуғын турмыс жағдайларынан яки басқа адамлар менен мүнәсибетлерде болатуғын ментал ҳәм эмоционал жағдайлардан келип шығады.
Өт қалтадағы таслар – басқаларға деген ашшы ҳәм «өтли» қатнастың узақ мүддет даўамында тығызланғанын ҳәм тасқа айланғанын көрсетеди. Басқаларға мийримлилик мүнәсибетте болыў арқалы бул жағдайдан шығыўға болады.
Өт қалта қандай жағдайларда алып тасланады?
Холецистэктомия, яғный өт қалтаны алып таслаў операциясы, төмендеги жағдайларда өткериледи:
· өт қалтада өт суйықлығы ағымының бузылыўы, қарынның қатты аўырыўы (колика);
· өт қалтаның күшли исиниўи (холецистит);
· өт жолларының бекитилип қалыўы (өт жоллары обструкциясы);
· өткир ҳәм созылмалы холециститте консерватив даўалаўдың нәтийже бермеўи;
· холестероз.
Операцияға таярланыў
Өт қалтаны алып таслаў операциясынан 3-4 күн алдын ишеклерди тазалаў ушын ишти жумсартыўшы дәрилер буйырылады. Операциядан бир күн алдын, кешқурын аўқат желинбеўи ҳәм операциядан төрт саат алдын суйықлық ишилмеўи керек. Операциядан алдын қанның уйыўына тәсир етиўши дәри-дәрмақлар ҳәм биологиялық актив элементлердиң қабылланыўы да тоқтатылады.
Оның ўазыйпасын қайсы ағза орынлайды?
Өт қалта алып тасланғаннан соң оның ўазыйпасын баўыр орынлайды. Өт қалтасы алып тасланғаннан соң, аўқат сиңириўде бираз өзгерислер гүзетиледи. Енди майлы, қамырлы, холестеринге бай өнимлер ҳәм қойыў аўқатлардың сиңиўи қыйынласады. Сол себепли, операциядан соң алты ай даўамында диета буйырылады.
Усы операцияны бастан кеширген наўқасларға тез сиңетуғын, клетчаткаларға бай болған тағамлар, мийўелер, тәбийий шербетлер тутыныў усынылады. Сондай-ақ, олар аўқатланыў тәртибине де әмел қылыўы лазым, яғный аўқатларды тез-тезден, кем-кемнен қабыллаўы керек. Суўды аўқаттан ярым саат алдын ишиў мақсетке муўапық. Аўқатланыў пайытында болса ҳешқандай суйықлық ишпеген мақул. Мийўе ҳәм палыз өнимлерин әдеттегидей, аўқатланыўдан кейин емес, ал оннан бир-бир ярым саат алдын жеў зәрүр. Соның менен бирге, наўқастың аўқатланыў рационында майлы, қамырлы, холестеринге бай, яғный қуўырылған, қойыў аўқатлар болмаўы лазым.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…