Тест
1. Сиз арақ ишимлигин қанша ўақыттан ишесиз?
а) Айына 1 ирет – 1 балл;
б) Айына 2 ирет – 2 балл;
в) Айына 5-6 ирет – 3 балл;
г) Ҳәптеге 2 ирет – 4 балл;
д) Ҳәптеге 3-4 ирет – 5 балл;
е) Күнде – 6 балл.
2. Арақ ишимлигин қанша муғдарда ише аласыз?
а) 100-200 мл.ға шекем – 1 балл;
б) 300-400 мл.ға шекем – 2 балл;
в) 500-600 мл.ға шекем – 3 балл;
г) 700-800 мл.ға шекем – 4 балл;
д) 1000 мл ҳәм оннан да көбирек – 5 балл.
3. Бир түнде 500 мл.ден артық арақ ишимлигин ишкен күниңиз болды ма?
а) ҳешқашан – 1 балл;
б) тек бир мәрте – 2 балл;
в) айына бир мәрте – 3 балл;
г) ҳәптесине бир мәрте – 4 балл;
д) күнде – 5 балл.
4. Арақ ишимлигин қабыл еткениңизде сизде кеўил айныў ҳәм қусыў жағдайлары гүзетиле ме?
а) аўа – 1 балл;
б) яқ – 2 балл;
в) арасында – 3 балл;
5. Сизде арақ ишимлигине байланыслы машқалалар бар ма?
а) яқ – 1 балл;
б) қәтийрам пәсейди – 2 балл;
в) өзимди қадағалаўым жоғалады – 3 балл.
1. 1-7 балл – эпизодлы түрде арақ ишиўшиликке берилген.
2. 7-16 балл – созылмалы алкоголизмниң биринши басқышы.
3. 16-19 балл – созылмалы алкоголизмниң екинши басқышы.
4. 19 балдан жоқары – созылмалы алкоголизмниң үшинши басқышы.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…