Мақалалар

Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.

Photo
Тақлаў:
Image

Перзентлеримиздиң ишки дүньясын билиў

Биз перзентлеримизге бәрқулла «Жағдайлар қалай?» деп сораў берсек, олар тек ғана бир жуўапты қайтарады: «Жақсы». Бурынлары мен де: «Ҳақыйқатында да жағдайлары жақсы шығар» деп ойлайтуғын едим. Бирақ, бундай сораў менен перзентимиздиң ишки дүньясын билиў қыйын екен. Соның ушын да, сораўларды өзгертиў жақсы нәтийже береди. Төменде биз перзентлеримизге жуўап қайтарыў қызықлы болған, ата-аналарға болса перзентлери ҳаққында көбирек мағлыўматлар алыўына имканият жарататуғын 100 сораўды усыныс етпекшимиз.

Image

Жуўыўшы порошоклар ишимизди кирлетпесин!

Ҳәзирги заманымызда санаатымыз ҳаялларымыз ушын хожалықты тебиретиўде көп қолайлылықлар жаратқан. Буннан қырық-елиў жыллар бурын олар асханадағы қазан-табақ, ыдыс-аяқлар, газ-плита ямаса ванна корытасын жуўыў ушын күл ямаса қум ислеткен болса, ҳәзирги ўақытта булардың орнын көзди ашып-жумғанша жалтыратып-ағартып беретуғын гель ҳәм чистольлер ийелеген. Ҳәр бир нәрсениң жақсы да, жаман да тәрепи болады — бул, жуўыўшы порошокларға да тийисли.

Image

Күлкитерапия

–  Доктор,  мениң  қандай  да  бир жерим қатты аўырып тур. –  Мен  саған  ҳәзир  қандай  да бир дәрини жазып беремен.

Image

СОДА ШАМПУННЫҢ ОРНЫН БАСАДЫ

Нан содасы ҳәр бир шаңарақта табылатуғын нәрсе. Өйткени, ол ҳәм арзан, ҳәм жүдә пайдалы. Бул содадан тамақ аўырыўында, асқазандағы машқалаларда, стоматитти емлеўде пайдаланады. Бүгинги темамызда бмз сизлерге оның басқа да пайдалы тәреплери ҳаққында аз ғана сөз етемиз.

Image

Пайдалы сораў-жуўаплар

.

Image

Балаңды диарея қыйнаса…

«Перзентимниң тез-тез иши өтетуғын болды. Мен буны өзимниң надурыс аўқатландырып жүргенимнен ямаса баламның асқазаны сиңире алмай атырғанынан шығар, деп ойлаған едим. Шыпакер буны “диарея” деди. Бул кеселликте  және қандай белгилер гүзетиледи? Оны қалай даўалаў мүмкин?»

Image

Гепатит С-да шыпакер мәсләҳәтлери

«Мен акушерка болып ислеймен. Бизлерге, медицина хызметкерлерине, жумыс процесинде түрли-түрли вируслардың жуғыў итималлығы жоқары. Жақында қанымда гепатит С-ның вирусы бар екенлиги анықланды. Бул жаңалық маған жүдә жаман тәсир етти. Өзим шыпакер болғанлықтан, бул кеселлик ҳаққында мағлыўматқа ийемен. Ҳәзирги жағдайымда мен маман қәнигелерден вирус жуққаннан кейинги профилактика шаралары ҳаққында мәсләҳәт алмақшы едим. Гепатит С баўырға өз тәсирин көрсетпеслиги ушын нелерге итибар бериўим керек?»

Image

Бесиктиң абзаллықлары ҳам кемшиликлери

Бесикти  халқымыз  әпсана  ҳәм рәўиятларда  «алтын»,  «гүмис»  сыпатлары  менен  тәрийиплейди.  Ол ата-бабаларымыздың  қол  өнериниң шеберлиги  менен  ойлап  табылған, неше-неше  әўладлар  сынағынан  өтип, сайқал  тапқан  қаншадан-қанша  даналарды,  қаншадан-қанша  қаҳарманларды  ардақлап  өсирген  ҳикметли,  муқаддес  буйым.  Бесик  басында  айтылатуғын  ҳәййиўлер  де бала  тәрбиясы  ушын  оғада  әҳмийетли.

Image

Палминг шынығыўы көздиң өткирлигин жақсылайды

Көз  бенен  байланыслы  кеселликлердиң  барлығы  олардың  ҳәдден  тыс  зорығыўы  ҳәм  стресслер  себебинен  жүзеге  келеди.  Бул  ҳалаттың  созылмалы  даўам  етиўи  көриў  өткирлигиниң  бузыўына  алып  келеди.  Бирақ,  бул бузылысларды  түрли-түрли  көзәйнеклерсиз,  дәри-дәрмақларсыз,  ал  тек  дем  алыў  арқалы  да  сапластырыўға болады. 

Image

Полезные медицинские новости

    

Image

КҮЛКИТЕРАПИЯ

  

Image

ЙОДЛЫ СЕТКА: ƏПИЎАЙЫ СЫЗЫҚЛАРДЫҢ ЕМЛИК ҚƏСИЙЕТИ

Примбетова Салтанат Жалғасбаевна, 1-санлы Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы Жәмийетлик Саламатлық техникумының 1-категориялы Тери ҳәм венерик кеселликлери пәни оқытыўшысы