Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.
Ата-аналардың ең тийкарғы ўазыйпасы – өзлери бахытлы болыўы ҳәм усыны перзентлерине үйретиў!
2024-жылдың 25-май күни Ташкент қаласындағы Академик В.Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының анжуманлар залында «Өзбекстан-Россия: саламатлық жолында шериклик» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти. Оған Россияның 28 ўәлаятының медицина шөлкемлеринен 70 ке жақын медицина алымлары, Өзбекстан Республикасының 14 аймағынан 300 ге жуўық хирург ҳәм профессорлар қатнасты. Бул анжуман Россия Федерациясы Президенти В.В.Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары мүнәсибети менен өткерилди.
«Балалар үйи» тәрбияланыўшыларының саламатлығы шыпакерлер итибарында
Даўа мақсетинде ыссы қумнан пайдаланыў — ыссылық пенен даўаланыў усылларынан бири есапланып, медицинада «псаммотерапия» деп аталады. Алымлардың айтыўына қарағанда, қум ыссылықты жақсы жутып, өзинде сақлап турады, нәтийжеде денеден шыққан тер қумға сиңип, адам қызып кетпейди, ҳәттеки ыссылығы 60 градус болған қумда да наўқас өзин жақсы сезеди.
ПАЙДАЛЫ МӘСЛӘҲӘТЛЕР Уялы телефонды шеп қулағыңа тут. Кофени суткасына 1 реттен артық ишпе. Дәрини суўық суў менен қабыллама. Аўыр аўқатларды кешки саат беслерден кейин жеўши болма. Илажы барынша майлы аўқатларды аз тутын. Суўды азанда — көбирек, ал кеште азырақ иш. «Сотка зарядочниги»ниң қасында турма. Ең жақсы уйықлаў — түнги саат 10-нан азанғы саат 6-ға шекем. Зарядкасы 1 таяқшаны көрсетип турған болса, уялы телефоныңды пайдаланба. Бундай жағдайда телефонның радиациялық дәрежеси 1000 еседен де жоқары болады.
Некоторые знают, что густую кровь надо разжижать. Замедленный кровоток приводит к кислородному голоданию внутренних органов. И к возможному образованию тромбов.Итак, что нужно делать, чтобы кровь свободно циркулировала? Несколько простых советов.
"Я исключил из своего (и своих пациентов) питания современный хлеб.Дело в том, что если мы едим дрожжевой хлеб,то дрожжи, попадая в нашу кровь, начинают размножаться, потребляют наши витамины, микроэлементы, белки.
Қартайыў процеси тек денеде ғана емес, ал сондай-ақ мийде де өзин көрсете баслайды. Бирақ, ҳәмме адамлар да кекселикке жетемен дегенше тынық пикирлеўди ҳәм ойлаў қәбилетин сақлап қалыўды еплей алмайды. Гейде саў-саламат адамларда да бул қәбилеттиң әззилеўи сезилип турады. Нейрофизиологлардың изертлеўлерине қарағанда, адам дурыс аўқатланып жүрсе, саламат турмыс тәризине әмел етсе, мийди беккемлеўши шынығыўларға ўақтын ажыратса, онда кекселик дәўир мийге қәўип сала алмайды екен.
Инсанның жасы неше жыл жасағаны менен емес, ал оның биологиялық жасы менен өлшенеди. Илимпазлардың атап өтиўинше, ишки биологиялық жасы қаншелли кишкене болса, адам соншелли жас көринеди ҳәм қоршаған орталықтағы өзгерислерге де аңсат бейимлеседи.
НӘРЕСТЕ СУЎ ИШЕ МЕ? «Жаңадан туўылған нәрестеге суў бериў керек пе?» Жулдыз БОЛАТОВА, Нөкис
Кемпир апаларымыз келинлерине «Көзиңизди сегиз етиң. Жумыс ислеп атырғаныңызда бала жарақат арттырмасын. Бала күйсе, ананың ондағы ҳаққы да күйип кетеди» - дейтуғын еди. Қызық, неге бала кесел болса яки жығылса емес, ал күйсе ананың ҳақы жоғалар екен? Себеби күйген бала басқа аўырыўлардан көре көбирек азап шегеди. Үлкенлерди де тәшўишке салыўшы бул ҳәдийсе кишкене бала ушын және де қорқынышлы.
Дәстүрлер қәрели мийўеси сыяқлы. Қәрелиниң жемиси енди пайда болған гезде, ол еле ашшы. Ўақыт өтип, оның дәми қышқыл болады. Қышқыл дәмди унататуғынлар сонда оларды жеп ҳәз етип қалады. Ўақыты келгенде ғана қәрели қызарып писип, мазалы болады. Бул мазалы қәрелини ҳәмме жақсы көреди!